Бала гүрте – балалардың ең биринши кийими

140

И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи коллекциясынан орын алған сийрек ушырасатуғын экспонат бала гүрте – нәресте ушын қурақ усылында тигилген биринши көйлек.

Қарақалпақ мәдениятында бала гүрте айрықша әҳмийетке ийе болған. Ол пахта гезлемеден, қағазсыз, ийин беттен горизонтал түрде жағаның орны кесип тигилген. Етек пенен жеңлериниң ушлары қайтарып тигилмеген, тигис түсирилмеген.

Бала гүртени тигиўде гезлемеге айрықша итибар қаратылған: гезлеме жети шаңарақтан нәрестеге узақ ҳәм бахытлы өмир тилеклери сыпатында жыйнап алынған. Бундай қурақлап тигиў – әпиўайы безеў техникасы болып қалмастан, халықтың узақ жыллық дәстүрлери үлгиси болып табылады. Ҳаяллар өз перзентине болған исенимин, ғамхорлығын қурақларда сәўлелендирген.

Бала гүртеде ҳәр бир рең ҳәм нағыстың терең мәниси бар: қызыл – қуўаныш ҳәм өмир, қара – жаманлықлардан, тил-көзден қорғаў, сары – қуяш ҳәм жыллылық, квадрат белгилер – шаңарақтың турақлылығын билдирген.

Бул кийим қарақалпақ халқының жоқары талғамы, тәкирарланбас көркем өнери ҳәм руўхый байлығының айқын көриниси болып есапланады. Онда эстетика ҳәм исеним, әпиўайылық ҳәм символизм жәмлестирилген. Сол ушын да бала гүрте халқымыз қол өнериниң шын мәнидеги дүрданасы, деп айтыў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги