Кари Тапиола: Мәжбүрий ҳәм балалар мийнетин сапластырыў бағдарындағы Өзбекстан тәжирийбеси көп мәмлекетлерге үлги бола алады

Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң ветераны, халықаралық эксперт Кари Тапиола менен сәўбетимиз ХМШның 2000-жыллардың басында Өзбекстанға болған мүнәсибети, өзбек пахтасына бойкот себеплери, мәмлекетимизде мәжбүрий ҳәм балалар мийнетине шек қойылыўы темаларында болды.
– Сәўбетимиздиң алдынан Халықаралық мийнет шөлкеми, оның мақсет ҳәм ўазыйпалары, жумыс бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берип өтсеңиз.
Халықаралық Мийнет Шөлкеми (ХМШ) Биринши жер жүзилик урысы тамамланғаннан соң, яғный 1919-жылы шөлкемлестирилген, айтыў мүмкин болса, ең ески халықаралық структуралардан бири болып есапланады. Оның өзине тән тәрепи сонда, ХМШ тек ғана мәмлекетлераралық уйым емес. Бәринен бурын, онда үш тәреп қатнасады: ҳүкиметлер, жумыс бериўшилер ҳәм кәсиплик аўқамлары. Әне усындай түрде халықаралық мийнет стандартлары – конвенциялар ҳәм келисимлер ислеп шығылады. Олар халықаралық социаллық-мийнет қатнасықларының тийкарын қурайды.
Халықаралық Мийнет Шөлкеми тәрепинен ислеп шығылған нормалар дүньяның көпшилик мәмлекетлери мийнет нызамшылығының тийкарына айланған. Жүз жылдан аслам ўақыт даўамында шөлкемниң жыллық конференцияларында мәмлекетлер, исбилерменлер ҳәм кәсиплик аўқамларының ўәкиллери бирден-бир мақсет жолында – социаллық әдиллик ушын бирлесип, биргеликте ҳәрекет етип келмекте. Бүгинги күнде бул жоқары мақсет инсанға қәўипсиз мийнет шараятлары, мүнәсип мийнет ҳақы ҳәм инсанлардың мийнет ҳуқықларына ҳүрметин кепиллейтуғын мийнет концепциясында өз көринисин тапқан.
Егер 1919-жылдағы биринши конференция күн тәртибине итибар берсек, жумыс күнин шеклеў, бәнтлик ҳәм жумыссызлық, балалар мийнетин қадаған етиў сыяқлы еле де өз әҳмийетин жоғалтпаған темалар талқыланғанын көремиз.
– 2000-жыллардың басларында Өзбекстан менен Халықаралық Мийнет Шөлкеми арасында келиспеўшилик жүзеге келген ҳәм бул жағдай Өзбекстанға қарсы бир қатар санкциялар қолланылыўына да себеп болған еди. Мине, усы қарама-қарсылықтың мәниси, ХМШның Өзбекстанға қандай талаплар қойғаны ҳаққында тоқтап өтсеңиз…
2000-жыллардың басында Халықаралық мийнет шөлкеминде Өзбекстанның мәжбүрий ҳәм балалар мийнетине қарсы халықаралық конвенцияларға қай дәрежеде әмел етип атырғаны оғада үлкен машқала сыпатында күн тәртибине қойылды. Конференцияларда мәмлекетиңиз атына қатты сынлар айтылды, халықаралық шөлкемлер өзбек пахтасына бойкот жәриялады.
Нәтийжеде ХМШның конференциясында Өзбекстанда ғәрезсиз мониторинг өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди. Биз ҳүкимет, жумыс бериўшилер ҳәм кәсиплик аўқамлары менен сөйлесиўлерди баслап, мийнет шараятларын тексериўдиң ашық-айдын системасын жолға қойыўға ҳәрекет еттик. Биз Өзбекстанда ҳақыйқатында да мәжбүрий ҳәм балалар мийнети жағдайлары бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында жуўмақлаўшы шешимге келиўимиз керек еди.
– Халықаралық Мийнет Шөлкеми не ушын Өзбекстанға бундай итибар қаратты? Бул арнаўлы түрде мәмлекетимизге қарсы исленген ис пе ямаса бул талаплар барлық мәмлекетлерге де қойыла ма?
– Бул орынлы сораў. Халықаралық Мийнет Шөлкеми ҳеш қашан белгили бир мәмлекетти “ажыратып көрсетиў”ди өз алдына мақсет етип қоймайды. Шөлкем барлық конвенцияларды ратификация еткен мәмлекетлерге тең түрде қолланылатуғын универсал нормалар тийкарында ислейди.
Бирақ Өзбекстан жағдайында итибар, әсиресе, қатты болғанының еки себеби бар. Бириншиси, гәп мәмлекет ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған ҳәм жәҳән базарында да көзге тасланатуғын пахташылық тараўы ҳаққында болғаны, екиншиси болса, машқала жүз мыңлаған адамларды қамтып алғаны ҳәм системалы характерге ийе болғаны менен байланыслы еди.
Демек, бул жерде гәп “тырнақ астынан кир излеў” емес, ал мәселениң көлемине байланыслы. Мәжбүрий ҳәм балалар мийнети Халықаралық мийнет шөлкеми ушын пүткиллей табу мәселе есапланады. Қайсы аймақта болсын – Азия, Америка, Африка ямаса Европада бола ма, нызамбузыўшылық анықланса, шөлкем оған шара көриўи керек.
Өзбекстанға да басқа мәмлекетлерге қолланылатуғын стандартлар енгизилди. Тек ғана пахта тараўы бәрқулла дүнья жәмийетшилигиниң дыққат орайында болып келген, сол себепли мүнәсибет кескин көриниске ийе болды. Және Шавкат Мирзиёевтиң бас министрлик ҳәм кейин ала президентлик дәўиринде әмелге асырған исенимли қәдемлери жағдайды ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң мүнәсибетин унамлы тәрепке өзгертиў имканиятын берди.
– Сол дәўирде Өзбекстанда, әсиресе, пахта терими мәўсиминде, Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң арнаўлы мониторинг топарлары жумыс алып барған. Мине, усы миссияның Өзбекстанда мониторинглер өткериўинде машқала ҳәм тосқынлықлар болмаған ба? Бул үйрениўлердиң нәтийжелери қандай болды?
– Сол ўақытлары ХМШ ҳәм Өзбекстан арасында бул мәселе бойынша келисим бар еди. Бул процесте Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы да әҳмийетли роль ойнады. Өзбекстан ҳүкимети, жумыс бериўшилер ҳәм Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң қатнасыўында пахта мәўсиминде мәжбүрий ҳәм балалар мийнетинен пайдаланыў мәселеси бир неше мәрте қатаң додаланды. Дәслепки мониторинг айырым жағдайларда балалар мийнетинен пайдаланыў фактлерин анықлады. Дурыс, олар ғалаба түрде емес еди, бирақ әйне усы жағдайлардың тән алыныўы да әҳмийетли бурылыс ноқатына айланды. Себеби, сол ўақытқа шекем жәмийетте бул машқаланы жасырыў әдетке айланған еди. Қулласы, машқаланың ашық тән алыныўы кейин ала мәмлекетиңизде бул мәселеде басқышпа-басқыш әмелге асырылған әҳмийетли ҳәм нәтийжели реформаларға тийкар жаратты.
Соны айрықша атап өтиў керек, мониторинг кең көлемли ағартыўшылық илажлар менен сәйкес өтти: семинарлар, орынларда ушырасыўлар, не ушын балалар мийнетинен пайдаланыўға жол қойылмаўы ҳәм оның алдын алыўға болатуғыны ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылды. Дәслепки жыллардағы мониторинглерден соң биз ҳүкиметиңиз бенен келисилген ҳалда мәмлекетте мүнәсип мийнет принциплерин алға қойыў бағдарындағы илажлар режесин әмелге асырыўға киристик.
– Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәкимиятқа келгеннен кейин Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң минберинен турып, Өзбекстанда мәжбүрий ҳәм балалар мийнетине шек қойылатуғынын жәриялады. Бул жолда бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Бул бағдарда үлкен тәжирийбеге ийе халықаралық эксперт сыпатында Өзбекстан Президентиниң бул бағдардағы сиясатын, әмелге асырған, асырып атырған жумысларын қалай баҳалайсыз?
– Европалы эксперт сыпатында айта аламан, Өзбекстанда соңғы 7-8 жылдағы өзгерислер, бәринен бурын, Президентиңиздиң сиясий ерк-ықрары ҳәм жеке исенимине байланыслы болды. Оған алдыннан тырнақ тасын қойған да жеке Шавкат Мирзиёев болып есапланады. Сол ўақытларда Шавкат Мирзиёевтиң Бас министр сыпатында балалар мийнетин қатаң қадаған етиўши қарар қабыл етиўи тек ғана ишки сиясатта емес, ал пүткил халықаралық майданда Өзбекстанның имиджин түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Бул әпиўайы ҳәкимшилик шара емес, ал сиясий мәртлик белгиси еди. Себеби онлаған жыллар даўамында жабық система сыпатында қабыл етилген әмелиятқа усы қарар ноқат қойды.
Мырза Мирзиёев президентликке келгеннен кейин, бул баслама системалы сиясатқа айланды. Халықаралық жәмийетшилик соннан кейин Өзбекстанды жаңа көзқарастан баҳалай баслады. Себеби мәмлекетиңизде декларация менен шекленип қалмастан, “Мүнәсип мийнет бағдарламасы” арқалы әмелий стратегия ислеп шығылды. Бул бағдарлама мийнет базарын еркинлестириў, мийнет пенен байланыслы қәўипсизлик ҳәм ҳуқықый қорғаў механизмлерин күшейтиў, социаллық әдиллик ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарларын қамтып алды. Усы жерде және бир пикирди атап өтиўим керек, егер Шавкат Мирзиёевтиң исенимлилиги болмаса, декларациялар ҳақыйқый реформаларға айланыўы мүмкин емес еди.
“Жаңа Өзбекстан” идеясы халықаралық экспертлер ушын тек ғана сүрен емес, ал мәнис-мазмуны бай социаллық концепция сыпатында көрила баслағанын атап өтиў керек. Ол жерде инсан қәдири, абырайы мәмлекетлик сиясаттың орайына қойылмақта. Бул тек мәжбүрий мийнетти сапластырыўда емес, ал мийнет базарын модернизациялаўда, рәсмий емес секторды қысқартыўда, кәсиплик билимлендириў ҳәм жаңа әўлад қәнигелерин таярлаўда да көзге тасланбақта.
Соңғы жылларда Өзбекстанда алып барылып атырған түпкиликли реформаларға нәзер таслар екенмен, барған сайын әҳмийетли бир жуўмаққа келип атырман. Яғный, системалы машқалаларды шешиў тек ғана декларация ҳәм формал механизмлер менен емес, ал мәмлекет жетекшисиниң өз халқының мәплерин биринши орынға қойған жеке ерк-ықрары менен де әмелге асады екен. Президент Мирзиёев алып барып атырған сиясат усы жағынан өзине тән тәжирийбеге айланды ҳәм бүгин дүнья жәмийетшилиги оны унамлы мысал сыпатында тилге алмақта.
– Усы жерде “Пахта атызларында исенимниң беккемлениўи: Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң Өзбекстандағы жумысы” атлы китабыңыз ҳаққында да сорамақшы едим. Бул китаптың жазылыўына себеп болған факторлар, онда сәўлеленген темалар ҳаққында да айтып берсеңиз.
– Сиз тилге алған китапта мен Өзбекстанда мәжбүрий мийнет машқаласы қалай шешилгенин көрсетиўге ҳәрекет еткенмен. Себеби узақ ўақыт даўамында бул мәселе дерлик шешиўге болмайтуғын, жәмийетте терең тамыр жайған бир машқала сыпатында көрилген еди. Әлбетте, буны бир күнде жоқ етиў мүмкин емес еди. Бирақ биз фактлерге сүйенип, ақылға уғрас қатнас жасадық. Усы тәризде, ҳәр жылғы пахта зүрәәтин жыйнаў ўақтында мәжбүрий мийнетке тартылғанлардың үлеси сезилерли дәрежеде азайып барды.
Бирақ бул процесс бизге және бир әҳмийетли ҳақыйқатты ашып берди: пахта териминде ықтыярлы түрде қатнасқан, мүнәсип ҳақы алған ҳәм нәтийжели мийнет еткен адамларды көрдик. Демек, тийкарында мәжбүрий мийнетке зәрүрлик жоқ екен. Ықтыярлы ислеўге разы адамлар бар ҳәм олар зүрәәтти толық жыйнап алыўға уқыплы екен. Соның ушын машқаланы күш пенен емес, ал исенимге тийкарланған бирге ислесиў, ақыл-парасат күшине сүйенген ҳалда шешиў мүмкин, деген жуўмаққа келдик.
Бул жерде исеним түсиниги айрықша әҳмийетке ийе болды. Батыста көбинесе Ленинниң “Исеним жақсы, қадағалаў оннан да жақсы”, деген сөзлери еске алынады. Биз болса бул қатнасты “дурыс емес” деп көрсетиўге ҳәм не ушын дурыс емес екенлигин дәлиллеўге ҳәрекет еттик. Себеби ҳақыйқый қадағалаў нәтийжели болыўы ушын ол исенимге сүйениўи керек. Исеним болса “имканиятсыз” теориялардан емес, ал әмелий ҳәм прагматикалық қәдемлерден басланады. Әне усы жол арқалы ҳақыйқый жағдайды таллаў ҳәм дүзетиў мүмкин болды.
Соны да атап өтиў керек: мәселеде машқалалар менен бир қатарда, унамлы тәреплер де жоқ емес еди. Айырым батыс басылымлары “Өзбекстанда 3,5 миллион “қул” бар, деп жазған ўақытта, сизлер ХМШ менен биргеликте пүткил дүнья жүзилик пикир жәмийетшилигине ҳақыйқый жағдайды көрсете алдыңыз. Ол жерде ҳәр қыйлы категориялар бар еди: мәжбүрий мийнетке дус келгенлер де, мүнәсип ҳақы алып, нәтийжели мийнет еткенлер де. Солай екен, итибарды әйне усы ықтыярлы ҳәм нәтийжели мийнет етип атырғанлар ушын шараят жаратыўға қаратыў керек еди. Ең үлкен жетискенлик болса исеним орталығының қәлиплесиўи болды. Барлық тәреплерде исеним пайда болды ҳәм бирге ислесиў даўам етти. Өзбекстан тәрепи анықланған машқалаларды тән алды ҳәм оларды жаңа илажлар ҳәм тәртиплер арқалы шешиўге киристи. Усы тәризде, ҳақыйқый жағдай соны көрсетти, аўыр тосқынлықлар бирге ислесиў ҳәм исеним тийкарында жеңип өтиледи ҳәм ҳәттеки халықаралық дәрежеде де турақлы исеним орталығын жаратыў мүмкин.
Улыўма айтқанда, китабымда мине усылар ҳаққында сөз болады.
– Сиз көп жыллар Финляндия кәсиплик аўқамлары системасында да жумыс ислегенсиз. Соннан келип шығып, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының мәмлекетимизде мийнеткешлердиң ҳуқықларын тәмийинлеў, мәжбүрий мийнеттиң ҳәр қандай түрлерине шек қойыў, социаллық қорғаў, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў бағдарларындағы жумысына да баҳа берип өтсеңиз?
– Дурыс атап өткениңиздей, мен Финляндия кәсиплик аўқамлары системасында көп жыллар ислегеним себепли салыстырыў имканиятым бар. Соннан келип шығып айта аламан, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы соңғы жыллары мийнеткешлердиң ҳуқықларын тәмийинлеў, мәжбүрий мийнеттиң ҳәр қандай көринислерин сапластырыў, социаллық қорғаў ҳәм мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў бағдарларында үлкен жумыслар иследи.
Биринши гезекте, мен ушын әҳмийетли ашылыў сонда болды, Өзбекстан кәсиплик аўқамларының басшылары халықаралық сөйлесиўлерде өз позицияларын тиккелей ҳәм анық түрде билдирип бере алды. Мәселен, Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң жумысшы топарлары менен ушырасыўларда олар жағдайды ашық айтып берди, машқалалардан қашпады, ал оларды тән алды. Бул исеним орталығының қәлиплесиўине хызмет етти ҳәм кейин ала Федерацияның Халықаралық кәсиплик аўқамлары конфедерациясына толық ағза сыпатында қабыл етилиўине тийкар жаратты. Бул, әлбетте, Өзбекстан ушын әҳмийетли тарийхый ўақыя болды. Бул Өзбекстанда бүгин әмелге асырылып атырған социаллық сиясатқа үлкен тән алыныў, исеним белгиси еди.
Екиншиден, кәсиплик аўқамларының әмелдеги жумысында – мониторинглер, жумысшы-хызметкерлердиң жағдайын үйрениў, әсиресе, олардың жанында шөлкемлестирилген юридикалық клиникалар үлкен әҳмийетке ийе болды. Себеби бул арқалы хызметкерлердиң машқалалары билдирилди, олардың ҳуқықлары қорғалды.
Мениң бақлаўымша, Өзбекстанда мәмлекетлик мийнет инспекциясы менен кәсиплик аўқамлары инспекциясының ўазыйпалары және де анық шегараланыўы ҳәм бирге ислесиўде толықтырылыўы көзге тасланады. Себеби Мәмлекетлик инспекция ҳуқықый процесслерди баслаўда әҳмийетли орын тутса, кәсиплик аўқамлары инспекциясы жумыс орынларындағы машқалаларды көбирек әмелий қураллар арқалы шешиў имканиятына ийе. Бул еки система бир-бирин толықтырғанда, мийнеткешлердиң мәплери және де нәтийжели қорғалады.
Әлбетте, ҳәр бир мәмлекеттиң өз миллий системасы ҳәм өзгешеликлери бар. Соның ушын кәсиплик аўқамлары тәжирийбеси экспорт етилетуғын өним емес. Бул – миллий контекстке бейимлестирилиўи керек болған процесс. Бирақ Өзбекстан тәжирийбеси соны көрсетпекте, ашықтан-ашық сөйлесиў, исеним ҳәм топарлық ҳәрекет арқалы системалы машқалалар да шешилиўи мүмкин екен.
– Мәжбүрий ҳәм балалар мийнетин сапластырыў бағдарындағы Өзбекстан тәжирийбеси бул бағдарда әмелий жумысларға қәдем таслай баслаған мәмлекетлер ушын үлги бола алады, деп есаплайсыз ба?
– Әлбетте. Себеби Өзбекстандағы процесс тек ғана декларация ямаса сүренлер менен шекленбеди. Бул реформалар сиясий ерк-ықрар, ашық-айдын сөйлесиў ҳәм жәмәәтлик ҳәрекетке тийкарланған ҳалда әмелге асырылды.
Мен ушын тийкарғы сабақ соннан ибарат, ҳәттеки терең тамыр жайған машқала да шешилиўи мүмкин екен. Буны Өзбекстан мысалында көрдик. Бириншиден, мәмлекет басшысының қатаң сиясаты зәрүр, екиншиден болса, исеним орталығын жаратыў шәрт. Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм кәсиплик аўқамлары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер бир майданда ислей алды. Ҳәзир дүньяда бул машқалаға дус келип атырған мәмлекетлер көп. Олар Өзбекстан тәжирийбесинен еки тәрепти үйрениўи мүмкин. Бириншиден, басшының жеке ерк-ықрары ҳәм жуўапкершилиги бул мәселелерде шешиўши орын ийелейди, екиншиден, турақлы бирге ислесиў арқалы ҳақыйқый өзгерислерди әмелге асырыў мүмкин.
Өзбекстан тәжирийбеси соны көрсетти, мәжбүрий мийнеттен ўаз кешиў тек ғана инсан ҳуқықлары ушын емес, ал мәмлекеттиң халықаралық имиджи, экономикалық раўажланыўы ҳәм инвесторлардың исеними ушын да әҳмийетли. Сол себепли бул жолдағы жетискенликлер әлбетте басқа мәмлекетлерге де илҳам бериўи мүмкин.
– Бүгин санластырыў, жасалма интеллект ҳәм жаңа мийнет қатнасықлары пүткил дүньяда жумысшы-хызметкерлердиң турмысына тәсир етип атырған бир ўақытта кәсиплик аўқамларының орны ҳәм ўазыйпалары да кескин өзгермекте. Жақында Ташкентте өткен “Халықаралық мийнет стандартларын алға қойыўда кәсиплик аўқамларының роли: халықаралық әмелият ҳәм Өзбекстан тәжирийбеси” темасындағы конференция сыяқлы илажлар, сизиңше, кәсиплик аўқамлары ушын жаңа бағдар ҳәм стратегияларды белгилеўде қаншелли әҳмийетли?
– Бундай конференциялар ҳәм илажлар оғада әҳмийетли. Себеби мийнет қатнасықлары заманагөй шараятта жедел өзгермекте: санластырыў, жаңа технологиялар, гибрид жумыс ислеў усыллары кәсиплик аўқамлары алдына жаңадан-жаңа ўазыйпаларды қоймақта. Өзбекстанда өткерилген халықаралық форумның әҳмийети сонда, ол тек ғана миллий тәжирийбени көрсетип ғана қоймастан, ал халықаралық сөйлесиў арқалы жаңа бағдарлар ушын майдан жаратты.
Өзбекстан тәжирийбеси көп мәмлекетлерден үлги алған болса да, ҳеш бир мәмлекетте мәжбүрий мийнет машқаласы бундай көлемде ҳәм усындай түрде шешилмеген. Соның ушын оны конференцияларда қайта-қайта усыныў зәрүр. Бул тәжирийбениң әҳмийетин және де беккемлейди.
Тийкарында, мийнет қатнасықларының тийкарғы мәселеси бир: хызметкер ҳәм жумыс бериўши арасындағы тең салмақлылықты қалай жаратыў мүмкин? Егер кәсиплик аўқамлары бар болса, олар шеңберлик келисимлерди таярлайды, улыўма қағыйдалар белгилейди. Кейин ҳәр бир мийнет жәмәәти усы улыўма шеңберде өз шараятынан келип шығып, ҳәрекет етеди. Бирақ ең әҳмийетли шәрт сонда, ҳеш қашан улыўма минимал стандарттан төмен түсиў мүмкин емес. Бул мийнеткештиң тийкарғы ҳуқықларына ҳүрмет белгиси болып есапланады. Соның менен бирге, жумыс бериўшилердиң де тийкарғы ҳуқықларын тән алыў зәрүр.
Соңғы жыллары Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары жумыс бериўшилер менен бирге ислесиў мәдениятын қәлиплестире алды. Бул болса үлкен табыс.
Жаңа дәўирде кәсиплик аўқамлары өз ўазыйпасын шеше ала ма? Дүнья тәжирийбеси соннан дәрек береди, шөлкемлескенлик дәрежеси азайып бармақта. Мәселен, Скандинавия мәмлекетлеринде бир ўақытлары 80 процент болған қамтып алыў көрсеткиши ҳәзир 50 проценттен де төмен. Бирақ соған қарамастан, кәсиплик аўқамларына қарама-қарсы күш еле пайда болмады. Ҳәтте жумысшылардың тек 20 проценти ассоциация ағзалары болған мәмлекетлерде де жәмәәтлик сөйлесиўлер ҳәм ҳуқықый қорғаўды әмелге асырып атырған система әйне кәсиплик аўқамлары болып қалмақта.
Соның ушын мениң жуўмағым әпиўайы: кәсиплик аўқамларының ҳәзирше альтернативлери жоқ. Олар жаңа шараятта өз имканиятлары ҳәм абырайынан қаншелли нәтийжели пайдалана алады – мәселе сонда! Егер олар санластырыў, жаңа мийнет қатнасықлары ҳәм глобал экономикалық өзгерислерге бейимлесе алса, демек, олардың келешеги де беккем болады.
– Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!
Ҳусан ЭРМАТОВ сәўбетлести