Сиам егизеклери табыслы ажыратып алынды

124

Шыршық қаласындағы Республикалық қәнигелестирилген Ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайының Ташкент ўәлаяты филиалында бийбаҳа хирургиялық әмелият өткерилди.

Атап айтқанда, ҳәмиледарлықтың 33-34 ҳәптесинде “операция” арқалы дүньяға келген сиам егизеклери туўылғаннан соң 9 саат өтип, жергиликли шараятта оғада қурамалы ҳәм жоқары технологиялық операция арқалы ажыратып алынды. Бес саат даўам еткен хирургиялық әмелият Республикалық перинатал орайы жанындағы Неонатал хирургия орайының басшысы, медицина илимлериниң докторы, профессор Бахтиёр Эргашев басшылығындағы Ташкент ўәлаятының тәжирийбели шыпакерлер топары тәрепинен орынланды.

– Бундай қурамалы операциялар ҳәр қашан да әмелге асырылмаған болып, бундай жағдайларда көбинесе узақ мүддетли таллаў ҳәм таярлық талап етиледи.

Муддетинен алдын туўылған сиам егизеклерин қыстаўлы түрде ҳәм ўәлаят дәрежесинде табыслы ажыратып алыў мәмлекетимиз медицинасының жаңа басқышқа көтерилгенинен дәрек береди, – дейди Ташкент ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасы баслығының орынбасары Феруза Раҳматуллаева.

Операцияда қатнасқан бир топар қәнигелер “Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў хызметкери” көкирек белгиси менен сыйлықланды. Денсаўлығы турақласқан нәрестелер ҳәм олардың анасына емлеўханадан үйине руқсат берилди. Олардың жағдайы енди Аҳангаран шыпакерлери қадағалаўында болады.

А.Мусаев, ӨзА