Өзбекстан ҳәм Польша: саўда, экономика, инвестиция, туризм, билимлендириў ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў раўажланады

Олий Мажлис Сенатына Польша Республикасы парламенти Сенатының Эмиграция ислери ҳәм сырт елдеги поляклар менен байланыслар комиссиясының баслығы Богдан Борусевич басшылығындағы делегация келди.
Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Азамхўжаев пенен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Польша арасында парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў, еки мәмлекет халықларының тарийхый дослық байланысларын беккемлеў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық тараўдағы қатнасықларды жеделлестириў мәселелери додаланды.

Парламентлераралық бирге ислесиў тийкарында еки мәмлекет арасындағы саўда айланысын арттырыў, Европа Аўқамы базарларына миллий өнимлердиң экспортын кеңейтиў, саўда үйлерин шөлкемлестириў, сондай-ақ, саўда, экономика, инвестиция, туризм, билимлендириў ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў бағдарларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға итибар қаратылды.

Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде Өзбекстанға депортация етилген Польша пуқараларына өзбек халқы тәрепинен көрсетилген мийрим-шәпәәт ҳәм миймандослық айрықша атап өтилди. Мәмлекетимиз аймағында жерленген поляклардың естелиги ҳүрмет пенен еске алынды.
Богдан Борусевич Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде поляк халқына көрсетилген инсаныйлық жәрдеми сондай-ақ, елимиздеги поляклар қойымшылықларына қаратылып атырған итибар ҳәм алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары ушын өзбек халқына терең миннетдаршылық билдирди.
Н.Абдураимова, ӨзА