АҚШ Сенаты қаржыландырыў ҳаққындағы нызам жойбарын және мақуллай алмады

96

Кеше АҚШ Сенатында федерал ҳүкиметти қаржыландырыўды тиклеў ҳаққындағы нызам жойбары алтыншы мәрте қайтарылды.

Конгресстиң 54 ағзасы республикашылар тәрепинен алға қойылған жойбарды қоллап-қуўатлады, 45 депутат болса қарсы даўыс берди. Нызам шығарыўшылардың еки жетекши партия тәрепинен усынылған усындай нызам жойбарлары бойынша бир пикирге келиў мақсетиндеги алдынғы урыныслары да нәтийжесизликке ушыраған. Нәтийжеде “шатдаун” атамасы менен белгили болған жағдай мәмлекетлик уйымлардың жумысына сезилерли унамсыз тәсир көрсетпекте. Мәселен, күни кеше салық хызметиниң хызметкерлери ҳақы төленбейтуғын дем алысқа шығарылды.

Мәмлекет Ғазнашылық департаментиниң баянатында айтылыўынша, Ишки дәрамат хызмети хызметкерлери жаңа бюджетти ислеп шығыў жуўмақланып атырған ўақытта өзиниң есабынан “дем алады.”

– Бул ҳақы төленбейтуғын дем алыс ўақтында сиз ўазыйпаңызды орынламайсыз ҳәм мийнет ҳақы алмайсыз, – делинген Ғазнашылық департаментиниң “барлық салық уйымлары хызметкерлерине” жиберген хабарнамасында. – Тастыйықланған жыллық, кеселлик ҳәм судқа шығыў дем алыслары ағымдағы дәўир ушын бийкар етиледи.

Салық хызметкерлеринен жумыс орнында болмаў соралды. “Сизге нызамлы түрде ислеў қадаған етиледи,” делинген хатта.

Ҳүжжетте айтылыўынша, айырым хызметкерлер агентлик басшысының келисими менен ҳәм бурынғысынан басқаша тәризде ўазыйпасын атқарыўда даўам етеди.

С.Раҳимов, ӨзА