Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша гезектеги мәмлекетлик грант таңлаўы жәрияланады

99

Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша парламент комиссиясы өткерген таңлаўда пуқаралық жәмийети институтларынан 618 арза қабыл етилген. Комиссияның жуўмағына бола, 66 жойбар жеңимпаз деп табылған.

Бул Парламент комиссиясы мәжилисинде атап өтилди. Мәжилисте 12 бағдар бойынша, соның ишинде, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы әҳмийетли мәселелерди шешиўге қаратылған гезектеги мәмлекетлик грант таңлаўын жәриялаў бойынша қарар қабыл етилди. Бул таңлаў шеңберинде 5,8 миллиард сум қаржы есабынан пуқаралық жәмийети институтларының жойбарларын қоллап-қуўатлаў режелестирилмекте.

***

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилисинде болса Өзбекстанның Египет, Оман, Қатар ҳәм Иран мәмлекетлериндеги дипломатиялық ўәкилханалары басшыларының есабатлары тыңланды.


Елшилер еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў, жоқары дәрежедеги сапар етиўлер шеңберинде қол қойылған “жол карталары”ның орынланыўы, инвестицияларды тартыў, миллий өнимлердиң экспортын кеңейтиў, сырт елли туристлердиң ағымын арттырыў және сырт елде мәмлекетимиз пуқараларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында есабат берди.

Мәмлекетимиздиң Египет пенен саўда, фармацевтика, билимлендириў ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы бирге ислесиўи кеңеймекте. Оман менен қатнасықларда қоспа туристлик жойбарларды әмелге асырыў, мәдений илажлар өткериў ҳәм транспорт жөнелислерин жолға қойыў мәселелерине итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан-Қатар қатнасықларында инвестиция ҳәм “жасыл” энергетика, инфраструктура ҳәм туризм тараўларында ири биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине тийкарғы әҳмийет берилген. Иран менен болса, санаат, текстиль өнимин ислеп шығарыў ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен дипломатиялық ўәкилханалар жумысының нәтийжелилигин арттырыў, сыртқы экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, туризм тараўында жаңа басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша анық усыныслар алға қойылды.

Н.Абдураимова,ӨзА