Президентимиздиң БМШтағы шығып сөйлеген сөзи жетекши экспертлер нәзеринде

122

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясы 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзи сырт елли эксперт ҳәм илимий топар ўәкиллериниң итибарын тартты.

Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған басламалар тек ғана регионаллық емес, ал глобал әҳмийетке ийе екени менен де оғада әҳмийетли болып есапланады. Малайзия халықаралық ислам университетиниң профессоры Шукран Абдул Раҳмон ҳәм Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы директорының орынбасары Шаҳзод Исломов АҚШтың “Islamicity” порталында “Өзбекстанның глобал көзқарасы: инсан қәдирин улығлаў, регионаллық бирге ислесиў ҳәм халықаралық татыўлық” (Uzbekistan’s Global Vision: Advancing Human Dignity, Regional Cooperation, and International Solidarity) атамасында мақала жәриялады.

Авторлардың жазыўынша, заманагөй дүньядағы динамикалық өзгерислер көплеген мәмлекетлерди инсан турмысы ҳәм жәҳән раўажланыўының перспективаларына жаңаша қатнасларды қабыл етиўге мәжбүр етпекте. Басқа мәмлекетлер сыяқлы Өзбекстан да тез пәтлерде өзгерип атырған ҳәм барған сайын қыйынласып атырған дүнья орталығындағы қыйыншылықларды жеңип өтиўге умтылмақта.

БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекеттиң бул қыйын шараятта тутқан тийкарғы орнын ҳәм ерискен жетискенликлерин атап өтип, “Жаңа Өзбекстан”ды қурыўдың концептуаллық бағдарлары ҳаққында сөз етти. Баянатта миллий раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм аўызбиршилик, тынышлық ҳәм инсан қәдирине тийкарланған глобал көзқарас өз көринисин тапқан.

Өзбекстанның ең тийкарғы мақсети ҳәр бир шаңарақ ҳәм пуқараның турмысын жақсылаў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм инсан қәдирин улығлаў болып есапланады. Мәмлекеттиң бир қатар әҳмийетли жетискенликлери бул бағдардағы жедел алға илгерилеўин билдиреди. Саўда, инвестиция ҳәм транспорт тараўларындағы көрсеткишлер регион бойынша дерлик бес есеге өскен. Өзбекстан шегара аймақларында биргеликтеги инвестициялық бағдарламалар, саўда ҳәм санаат зоналарын шөлкемлестирди, ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырмақта. Соның менен бирге, мәмлекет халықаралық қатнасықларда бийғәрез, жуўапкершиликли қатнасыўшы сыпатында ортаға шығып, аўызбиршилик, турақлылық ҳәм Орайлық Азияның тынышлық сүйер сиясатын көрсетпекте.

Кәмбағаллық дәрежеси 35 проценттен 6,6 процентке шекем кескин қысқарды. Бул билимлендириў ҳәм илим тараўларындағы реформалар, жоқары технологиялы тармақларды раўажландырыў, “жасыл энергетика”, транспортты модернизациялаў, киши бизнес ҳәм жумыс орынларын жаратыў арқалы әмелге асырылды.

Мақала авторларының тән алыўынша, бул жетискенликлердиң тийкарғы факторларынан бири күшли ҳәм жаңа шақырықларға таяр билимлендириў системасының бар екенлиги болып есапланады. Нәтийжеде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке артты. Жоқары билимлендириўде жаслардың қамтып алыныўы 9 проценттен 42 процентке жетти. Сондай-ақ, оқытыўшылық кәсибиниң абырайын ҳәм статусын арттырыў мәмлекеттиң әҳмийетли тийкарғы бағдарына айланды.

Соның менен бирге, мәмлекет заманагөй денсаўлықты сақлаў системасын жаратыў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий турмыс ҳәм исбилерменликтеги ролин күшейтиўге де айрықша итибар қаратпақта.

Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ташкентте Ислам цивилизациясы орайын шөлкемлестириў арқалы исламның адамгершилик, кеңпейиллик ҳәм ағартыўшылық тәлийматын үгит-нәсиятлаўдағы басламалары, БМШ резиденциясында Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий сыяқлы уллы ойшыллардың илимий мийрасын заманагөй усылда көрсетиўге умтылысы мақтаўға ылайық, делинеди мақалада.

Мәмлекетимиз басшысының БМШ Бас Ассамблеясы 80-юбилей сессиясындағы тарийхый шығып сөйлеген сөзи ҳәм онда алға қойылған басламалар биринши гезекте мәмлекетимиздиң раўажланыўына жаңа қәдем бериўи менен бирге, инсаният алдында турған әҳмийетли машқалаларды шешиўде нәтийжели шешимлер усыныс ететуғынын атап өтиў керек.

ӨзА