Еки мыңнан аслам лаўазым қысқарады, мәмлекетлик басқарыў санластырылмақта

120

Жаңа пәрман

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 4-октябрьде “Республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысына санластырыўды кеңнен енгизиў есабынан басқарыў штат бирликлериниң санын оптималластырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.

Ҳүжжетке бола, енди мәмлекетлик уйымларда санластырыў арқалы артықша жумыс орынлары қысқартылады.

Жәми 2141 штат бирлиги сапластырылады. Ең үлкен өзгерислер төмендегише.

Салық комитетинде 498, Суў хожалығы министрлигинде 224, Аўыл хожалығы министрлигинде 200, Бәнтлик министрлигинде 163 лаўазым қысқарады.

Сондай-ақ, ҳәр қыйлы комитет ҳәм агентликлердеги 16 орынбасар лаўазымы да сапластырылады.

Енди санластырыў күшейеди. Көп жумыслар электрон тәризде, жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланған ҳалда орынланады.

Усы жерде сораў туўылады. Штаты қысқарғанлар енди не қылады?

Ҳүжжетте бул сораўға жуўап бар. Пәрманда анық жазылған – ҳеш ким жәрдемсиз қалмайды. Ҳуқықлар бузылмайды, ҳәммеси мийнет нызамшылығына муўапық әмелге асырылады. Қулласы, “жумыстан босатылды – тамам” деген гәп жоқ.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги кәсиплик аўқамлары менен бирге бул хызметкерлерге жаңа жумыс табыўда жәрдем береди.

Бул не дегени? Яғный, кимдур басқа шөлкемге өтеди, кимгедур қайта оқыў ямаса қәнигелигин арттырыў усыныс етиледи. Және биреў болса пүткиллей жаңа тараўда өзин сынап көреди.

Бул жерде мәмлекеттиң мақсети адамды жумыссыз қалдырыў емес. Тийкарғы нийет нәтийжесиз орында бәнт болған қәнигени нәтийже беретуғын системаға бағдарлаў болып табылады.

Икром АВВАЛБОЕВ, ӨзАның хабаршысы