Нәшебентлик затлар ишимликлер, қуўатландырыўшы азық-аўқатлар, кофе, мазалы затлар қурамында да ушыраспақта

Инсаният дус келип атырған ең әҳмийетли машқалалардан бири – бул нәшебентлик. Ҳәр қыйлы жастағы адамлар, әсиресе, жаслар арасында наркотик затларды пайдаланыў жағдайлары барған сайын көбейип бармақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Наркотиклерди қадағалаў миллий орайының аға инспекторы Муҳаммадқодир Маҳмудов нәшебентлик қуралларының нызамсыз айланысы ҳәм жаслар арасында тарқалыў жағдайлары ҳаққында айтып берди:
– Наркотиклер тәсирине билип-билмей түсип қалған жаслардың өмири, келешеги ҳәммени бирдей ойландырады, әлбетте. Бундай түпсиз жарға қарай баратырғанлар тек ғана жақынларына емес, ал жәмийетке де зыян келтиретуғыны сөзсиз.
Заман раўажланған сайын, технология ҳәм интернет раўажланып барған сайын нәшебентлик қуралларын тарқатыўшылар да саўда көринисин өзгертип, қыйынластырып бармақта. Алдын қолдан қолға өткен зәҳәр бүгин белгисиз локализациялар ҳәм белгисиз шахслар тәрепинен тарқатылмақта.
Елимизде жасырын жоллар менен ашылған нарколабораторияларда мыңлаған зәҳәрли дозаларды жаратып атырғанларды да, оларға буйыртпа берип атырғанларды да анықлаў қыйынласып атырғаны жағдайды және де аўырластырмақта.
Соны да атап өтиў керек, бүгин наркотиклердиң формасы да өзгерип бармақта. Бурынлары нәшебентлик қураллары тәбийғый көринисте ушырасқан болса, бүгинги күнде түрли өнимлер қурамында, соның ишинде, ишимликлер, қуўатландырыўшы азық-аўқатлар, кофе, мазалы затлар ҳәм сол сыяқлы өнимлер қурамында ушырасып атырғаны қорқынышлы. Бир ғана пайдаланыўда өзине бойсындыратуғын қураллар жыныс, жас, социаллық қатлам таңламай атыр.
Нызамсыз, жасырын нарколабораторияларда таярланып атырған препаратлар болса жоқарыдағылардан да қәўипли. Ҳәттеки, бир доза қабыллаў өлим менен жуўмақланыўы да мүмкин. Санларға нәзер тасласақ, 2024-жыл даўамында 5, 2025-жылдың 6 айында болса 8 нарколаборатория анықланған.
Машқаланың және бир қәўипли тәрепи – ата-аналар жумыс ҳәм басқа да машқалалар менен болып, перзентлериниң зәҳәрли зат тәсирине түсип қалғанынан хабарсыз қалмақта. Себеби, бүгинги наркотиклер бурынғыларындай тез өзин көрсетпейди.
Бурын “наркоман” дегенде, көз асты қараўытқан, тамырларында ийне излери бар адамлар түсинилген. Ҳәзир болса наркотик пайдаланған жаслар ҳәдден тыс ҳәрекетшең, белсенди ҳәм сергек болып қалады. Бул болса ата-аналарды гүманландырмайтуғыны анық. Баладағы унамлы өзгерис ҳәммени қуўантып, оның қандай да бир затты қабыл етиўи мүмкин екенлиги ҳеш кимниң ойына да келмейди. Бирақ бул ўақытша жағдай. Ўақыт өтиўи менен пайда болған аўырыўлар, азаплар ҳәм руўхыйлықтағы кескин өзгерис айырым жасларды суицидке баслап атырғаны аянышлы.
Нәшебентлик қуралларынан пайдаланыў артқан сайын наркожынаятлар саны да артып бармақта. Ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллериниң ҳәрекети нәтийжесинде усы жылы анықланған наркожынаятлар өткен жылға салыстырғанда 23 процентке артқан.
Наркотиклерди сатыўды кәсип етип алғанлар наркокурьер сыпатында студентлерди таңлап атырғаны бақланбақта. Жоқары оқыў орнына қабыл етилген ҳәм келешекте бир кәсиптиң ийеси болыўы күтилип атырған жаслардың жолынан адасып атырғаны олардың турмысын унамсыз тәрепке өзгертип атырғаны әҳмийетли машқала болып табылады. Усы жылдың 6 айында 46 жоқары оқыў орны студентиниң наркожынаятлардың алды-саттысына араласып қалғаны соны көрсетип тур.
Жуўмақлап айтқанда, нәшебентлик қураллары саўдасы менен шуғылланыў да, оған қарамлықтың ақыбети де аянышлы. Сол себепли, ҳәр биримиз, әсиресе, ата-аналарымыз сергек болыўы, перзентлерине бийпәрўа болмаўы мақсетке муўапық.
Норгул Абдураимова, ӨзА