Орайлық Азия педагоглары халықаралық форумы жуўмақланды (+видео)

98

Нөкис қаласында “Орайлық Азия педагоглары – бир регион, бир ҳаўаз, бир күш” сүрени астында Орайлық Азия педагоглары халықаралық форумы болып өтти.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен ЮНЕСКО ҳәм ЮНИСЕФ халықаралық шөлкемлери менен биргеликте шөлкемлестирилген бул форумға Орайлық Азия мәмлекетлери (Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан) билимлендириў министрликлери, атап айтқанда Әзербайжан ҳәм Түркия мәмлекетлериниң билимлендириў системасы хызметкерлери, педагоглар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Халықаралық форум Орайлық Азия мәмлекетлери арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, педагоглар ушын тәжирийбе алмасыў платформасын жаратыў ҳәм регионаллық билимлендириў системасын раўажландырыў мақсетине қаратылды.

Форумның ашылыў мәресими ҳәм жалпы мәжилис илажы Нөкис қаласында жайласқан “Ақ қус” комплексинде болып өтти. Онда шығып сөйлеген мәмлекетимиз ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң билимлендириў тараўының басшылары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери форумның әҳмийети ҳәм регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиўдеги орны ҳаққында сөз етти.

Қатнасыўшылар ушын “Экологиялық билимлендириўде заманагөй технологиялар” атамасында семинарлар шөлкемлестирилди. Онда экологиялық тәрбия процесслерине интерактив методларды енгизиў, санлы платформалар жәрдеминде балаларда тәбиятқа саналы қатнас жасаўды қәлиплестириўдиң нәтийжели көзқараслары ҳаққында пикир билдирилди. Қатнасыўшылар итибарына видеосабақлар, мобиль қосымшалар ҳәм виртуал лабораториялар тийкарында ислеп шығылған жаңа методикалық қолланбалар көрсетилди. Әмелий бөлимде педагоглар экологиялық тәжирийбелерди шөлкемлестириў бойынша интерактив шынығыўларға қатнасты.

Форум шеңберинде Тахтакөпир районындағы “Қара терең” туристлик орайында экологиялық ҳәм этно-мәдений илажлар шөлкемлестирилди. Қатнасыўшыларға Әмиўдәрья әтирапындағы экосистеманың өзгешеликлери, шөл ҳәм дала аймақларындағы сийрек ушырасатуғын өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳаққында кең мағлыўмат берилди ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.

Илаждың мәдений бөлиминде дәстүрий қарақалпақ үрп-әдетлерине тийкарланған этно-мәдений бағдарламалар көрсетилди. Мийманлар миллий нама-қосықлар, аяқ ойынлар ҳәм өнерментшилик көргизбеси арқалы аймақтың бай мәдений мийрасы менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.

Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы Президент мектебинде заманагөй оқытыў методикасы бойынша сектор мәжилиси өткерилди. Тарийхый музейлерге барыў ҳәм “Мәңги дослық” темасындағы мәдений бағдарлама мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ, ӨзА