Гүлистан дүньяның ең жақсы сабляшысы деп табылды
88
Халықаралық қылышласыў федерациясы (ФИЕ) жыл жуўмақлары бойынша ең жақсы спортшылардың дизимин жәриялады.
Қуўанышлы тәрепи, олардың арасында еки ўатанласымыз бар. Атап айтқанда, сабля бойынша жаслар арасында жәҳән рейтингиниң жетекшиси, Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Гүлистан Пердебаева усы бағдарда ең жақсы спортшы сыпатында атап өтилди.
Сондай-ақ, төрешилик бойынша үлкен жетискенликлерге ерисип атырған Дилором Турдықулова шпага бағдарында ҳәзирги ўақыттағы ең жақсы 3 төрешилерден бири сыпатында тән алынды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы