Ойыншық санааты: экспорт имканиятлары ҳәм ишки имканиятлар таллаўы

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы өткерген таллаў нәтийжелерине бола, мәмлекетте ҳәзирги ўақытта 101 ойыншық ислеп шығарыўшы кәрхана жумыс алып бармақта. 2023-жылы олар тәрепинен ислеп шығарылған өним көлеми 190 миллиард сумды (15 миллион доллар) қураған. Тийкарғы үлести пластмасса ҳәм ағаш ойыншықлар, машиналар ҳәм жүк машиналары, пистолетлер, қуўыршақлар, асхана ҳәм медициналық үскенелер топламлары, сондай-ақ, жумсақ ҳәм резина ойыншықлар қурайды.
Улыўма алғанда, Өзбекстан ойыншық базарында тийкарынан пластмасса ҳәм металлдан исленген, жумсақ, сондай-ақ, батарейкада ислейтуғын ямаса аралықтан басқарылатуғын ойыншықлар үстинлик етеди. Ең көп сатылатуғын өнимлер баҳасы 3,5 мыңнан 50 мың сумға шекемги ойыншықлар болып есапланады.
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының баҳалаўларына бола, Өзбекстан базарында импорт ойыншықлардың үлеси орташа 70-75 процентти қурайды. Әсиресе, механикалық ҳәм электрон ойыншықлар сегментинде сырт ел өнимлериниң үлеси дерлик 100 процентке жетеди. Пластмасса ҳәм қатты материаллардан таярланған ойыншықларда бул көрсеткиш шама менен 75 процент, ағаш ойыншықларда болса 70 процент әтирапында. Соның менен бирге, жергиликли ислеп шығарыўшылардың өнимлери тийкарынан салыстырмалы арзан ҳәм ғалабалық категориядағы ойыншықлар менен сәўлелендирилген.

Улыўма алғанда, базар структурасы импортқа байланыслы бағдардың еле күшли екенин көрсетеди. Соның менен бирге, әсиресе, жоқары қосымша қунға ийе категорияларда жергиликли өндиристи кеңейтиў ушын жетерли потенциал бар.
2024-жылғы мағлыўматларға бола, Өзбекстанға ойыншықлар импорты 35 миллион долларды қурады, бул көрсеткиш 2023-жылға салыстырғанда 7 процентке өскен. Импорт көлеминиң ярымынан көби – 18,4 миллион доллар механизмсиз пластмасса ойыншықлардың үлесине туўра келеди. Сондай-ақ, тийкарғы үлести киши жастағы балалар ушын мөлшерленген ойыншықлар, қуўыршақлар, жумсақ ойыншықлар, сондай-ақ, электрон ҳәм механикалық моделлер қурайды.
Қытай елеге шекем тийкарғы жеткерип бериўши мәмлекет болып қалмақта (95 процент үлес), соның менен бирге Тәжикстан, Россия ҳәм Чехиядан да аз муғдарда өнимлер кирип келмекте.
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының таллаўларына бола, импорт үлесиниң жоқарылығына қарамастан, Өзбекстанның ойыншық базары сезилерли экспорт потенциалына ийе. Әсиресе, бул имканиятлар ҒМДА мәмлекетлери ҳәм қоңсылас регионларда айқын көзге тасланбақта.
Баҳалаўларға бола, айырым жеткерип бериў көлемлери рәсмий статистикада сәўлеленбейди, себеби баҳасы бес мың долларға шекемги экспорт операциялары мәжбүрий декларациялаўдан азат етилген. Соған қарамастан, мағлыўматларға тийкарланып 2024-жылы Өзбекстаннан ойыншықлар экспортының көлеми шама менен 6,3 миллион долларды қурағаны атап өтилмекте. Ең үлкен үлес киши жастағы балалар ушын мөлшерленген ойыншықларға (49,3%), билим бериў ҳәм раўажландырыўшы ойыншықларға (23%) ҳәм механизмсиз пластмасса ойыншықларға (10,7%) туўра келеди.
Бул болса экспорт тийкарынан ғалабалық ҳәм кең талапқа ийе категорияларда жәмленгенин көрсетеди.
Тийкарғы саўда базарлары Қазақстан (38%), Россия (31%), Қырғызстан (20%) ҳәм Әзербайжан (5%) болып есапланады. Бундай қурам Өзбекстанның регионаллық саўда шынжырларына тәбийғый интеграцияланыўын сәўлелендиреди, себеби мәдений жақынлық ҳәм логистикалық қолайлық бәсекиге шыдамлы үстинликлерди жаратады. Соның менен бирге, базардағы кейинги өсиў потенциалы еле де жоқары дәрежеде сақланып қалмақта.
ҒМДА мәмлекетлеринен жәми ойыншықлар импортының улыўма көлеми 1,7 миллиард доллардан артады. Соның менен бирге, Өзбекстанның үлеси ҳәзирше шама менен 0,3% ти қурайды. Салыстырыў ушын, улыўма баҳасы 1,1 миллиард долларға баҳаланған Россия базарында өзбек өнимлериниң бар екенлиги 0,2 процент пенен шекленген, Қазақстанда болса бул көрсеткиш 2,3 процентке жеткен. Бул болса келешекте экспорт көлемин кеңейтиў ҳәм базардағы қатнасыўды күшейтиў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин көрсетеди.
Сондай-ақ, басқа бағдарларда да имканиятлар бар, соның ишинде, Аўғанстанда ойыншықлар импортының көлеми 3 миллион доллардан асламды қурайды, Өзбекстанның үлеси болса 2,4 процентке жеткен.
Усы тәризде, өндирис қуўатлықлары ҳәм регионаллық талап дәрежесин есапқа алған ҳалда, өзбек ойыншықларының экспортын орта мүддетли келешекте кеминде еки-үш есеге арттырыў имканияты бар. Өзбекстан Орайлық Азия ҳәм ҒМДА мәмлекетлери ушын сапалы ҳәм қолайлы баҳадағы балалар өнимлерин жеткерип бериўши сыпатында өз орнын ийелеў потенциалына ийе.
Моҳигул ҚОСИМОВА, ӨзА