ЮНЕСКОның сессиясына таярлық бойынша штаб жыйналысы

Самарқанд қаласында өткерилетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық көриў бойынша шөлкемлестирилген штабта ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған жумыслар жуўапкерлердиң қатнасыўында додаланды.
Ҳүкимет шөлкемлестириў комитетиниң ағзасы, бас штаб баслығы А.Икромовтың басшылығында өткерилген мәжилисте халықаралық конференцияға таярлық бойынша тийисли жумысшы топарлар тәрепинен усы ўақытқа шекем әмелге асырылған жумыслар талланып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Атап айтқанда, сессия қатнасыўшылары ҳәм мийманлардың елимизге келип-кетиўи ушын арнаўлы авиарейслер шөлкемлестириў, “Ташкент – Самарқанд” ҳәм “Самарқанд – Ташкент” жөнелисинде қосымша авиақатнаў ҳәм поезд қатнаўларын жолға қойыў, мийманханаларды таярлаў, тийкарғы сессия ҳәм илажлар және мәдений бағдарламалар өткерилетуғын орынларды үскенелеў, мийманларға ҳүрмет көрсететуғын жуўапкерлер ҳәм гид-экскурсоводлар менен ислесиў, баспасөз орайын шөлкемлестириў сыяқлы мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды.

Сессия ҳәм оның шеңбериндеги илажларда қатнасатуғын абырайлы делегациялар, халықаралық шөлкемлердиң басшыларын күтип алыў және олар қатнасатуғын илажлар бағдарламаларын пуқта ислеп шығыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.
Сондай-ақ, мәжилисте Самарқанд ўәлаяты ҳәм қаласы ҳәкимликлери тәрепинен әнжуманға таярлық шеңберинде алып барылып атырған жумыслар талланды. Штабтың жумысын күшейтиў ҳәм оған бириктирилген министрликлер ҳәм уйымлар, шөлкемлер хызметкерлериниң жуўапкершилигин арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Ғ.ҲАСАНОВ, ӨзАның хабаршысы