Жер планетасындағылар “Супер Ай” ҳәдийсесине гүўа болмақта (+видео)

Усы жылдың 6-7-8-октябрь күнлери Жер халқы гезектеги тәбийғый астрономиялық ҳәдийсени – супер айды бақлаў имканиятына ийе болмақта. Бул жағдай айдың Жерге салыстырғанда ең жақын аралыққа келиўи ҳәм толы ай фазасына туўры келиўи нәтийжесинде жүзеге келеди.
Ай Жерге 360 мың километрден де жақынырақ аралықта болыўы күтилмекте. Астрономлар бул жағдайды “Супер Ай” деп атайды – Ай әдеттегиден 30 процент жақтылырақ көринеди.
Астрономлардың атап өтиўинше, “Супер Ай”ды бақлаў ушын ең қолайлы ўақыт – кешки саатлар болып, Ай аспанда үлкен ҳәм жүдә айқын көринеди. 8-октябрь күни Ай бираз узақласады, 23-октябрьге келип болса Жерден 406 мың километрден артық аралыққа шегинеди.
Өзбекстан Илимлер академиясы Астрономия институты қәнигелериниң атап өтиўинше, супер ай инсан саламатлығына қәўип туўдырмайды ҳәм тийкарынан эстетикалық жақтан қызықлы ўақыя есапланады. Бирақ айырым адамлар уйқы машқалалары ямаса эмоционаллық өзгерислерди сезиниўи мүмкин.
Супер айды қала жақтыларынан узағырақ, ашық ҳәм таза ҳаўада бақлаў усыныс етилди. Бул ретки ҳәдийсе Арқа ҳәм Қубла Америка, Европа, Африка ҳәм Азияның үлкен бөлиминен жүдә жақсы көринетуғыны атап өтилди. Өзбекстан аспанында да ҳаўа райы шараяты жақсы болған аймақларда супер ай толық көринди.
Астрономлардың пикиринше, 2025-жылдағы бул супер ай жыл даўамында бақланатуғын соңғы усындай қубылыслардан бири болып есапланады. Келеси супер ай 2026-жылдың бәҳәринде жүз бериўи күтилмекте. Астрономия ҳәўескерлери ҳәм фотографлар ушын бундай тәбийғый қубылыслар сийрек ушырасатуғын имканият болып табылады.
Сондай-ақ, октябрь айы аспан бақлаўшылары ушын және бир неше астрономиялық ҳәдийселерди усынады. 13-октябрь күни Ай Юпитер менен, 19-октябрь таңында болса аспандағы ең жарқын планета – Венера менен жақын мүйеште көринеди. Бул жағдайлар әпиўайы көз бенен де жақсы түрде бақланыўы мүмкин.
Буннан тысқары, ай даўамында Сатурнды бақлаў ушын да қолайлы шараят жаратылады. 20 есе үлкейгенде оның сақыйналары көринеди, 100 мм телескоп ийелери болса оның ири жолдасы – Титанды тамаша етиў имканиятына ийе болады.
Октябрь аспанында, сондай-ақ, еки комета – C/2025 A6 Lemmon ва C/2025 R2 Swan да көринеди. Бириншиси арқа-батыс, екиншиси қубла-батыс бөлиминде бақланади. 21-октябрь күни болса Орионидлер метеор ағымы ең жоқарыға шығып, ҳәр саатта 5 жулдыздың жақтысын көриў мүмкин болады.
ӨзА