Өзбекстан ҳәм Россия президентлери телефон арқалы сөйлести

7-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Россия жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-саадат ҳәм табыслар тиледи, дос Россия халқына болса тынышлық тиледи.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң өсиў пәтин даўам еттириў, жетекши кәрхана ҳәм команиялардың санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа тийкарғы бағдарлардағы кооперация жойбарларын алға қойыў, еки мәмлекет аймақларының исбилерменлик қатнасықларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Белсене мәдений-гуманитар алмасыўлар даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин додалады.
ӨзА