«Нөкис қаласында болып өткен “HealthTech AI Hackathon” таңлаўында медицина тараўындағы алдынғы IТ-бағдарламаларды усынып, жеңимпаз болған жасларды сыйлықлаў мәресиминде қатнастым. Бул илажда ақыл-парасатлы, умтылыўшаң, идеяларға бай ҳәм жүреги илҳамға толы жигит-қызларды ушыратқанымнан оғада қуўандым. 44 команда, 300 ден аслам қатнасыўшы, жүзлеген жаңа баслама!

101

Жас шыпакерлер ҳәм технология тараўы қәнигелери келешек медицинасы ушын шешимлер излеп, бир мақсет жолында бирлеспекте. Санлы қураллар арқалы инсан өмирин сақлап қалыў, диагнозды және де анық ҳәм емлеўди және де қолайлы етиў ҳаққында ойламақта.

Негизинде олардың ҳәр бириниң өзине тән турмыслық тарийхы, усы орталыққа қосылыўына түртки болған жеке себеплери бар. Көпшилик “Hackathon”ға сыйлық ушын емес, ал жақынларының дәртин сезингени ҳәм олардың турмысын өзгертиўши илаж табыўды қәлегени ушын келген. Соның ушын да олардың көзлери жайнап тур, әмелий илажлардыӊ нәтийжели ҳәм пайдалы болғаны да соннан. Ендиги улыўма мақсетимиз – бул жойбарларды тоқтатып қоймаў, оларды жуўмағына жеткериў, раўажланыўына жәрдемлесиў ҳәм инвесторларды тартыўда жәрдемлесиў болып табылады.

Қатнасыўшылар арасында өз идеяларын исенимли қорғап атырған, сийрек ушырасатуғын өнимлер жаратып атырған ҳәм қурамалы технологияларды исеним менен өзлестирип атырған қызлардың көп екенлигинен қуўанышлыман.

“HealthTech AI Hackathon” – мәмлекетимиздиң барлық аймақларын қамтып алатуғын кең көлемли “AI Hackathon” улыўма миллий жойбарының бир бөлеги болып есапланады. 2026-жылдың ақырына шекем онда мыңлаған жас қәнигелер қатнасады. Олардың арасында елимизди жоқары шеклерге алып шығатуғын болажақ новаторлар, илимпазлар ҳәм жетекшилер бар екенине исенемен. Кейинги басқыш Самарқандта өткериледи!

Идеяларыӊыз, жигерлилигиӊиз ҳәм жаңаланыўларға болған исенимиӊиз ушын бәршеңизге рахмет! Бул – басланыўы, ең үлкен жеңислер еле алдында!» – деп жазбақта С.Мирзиёева өзиниӊ телеграм каналында.

Қарақалпақстан хабар агентилиги