Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи

260

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Әййемнен Уллы жипек жолының әҳмийетли саўда ҳәм мәденият орайларынан бири болған бийтәкирар Габала қаласында сиз, әзиз туўысқанларым менен дийдар көрисип турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Бәринен бурын, саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени, дәстүрий ҳәм шын кеўилден миймандослығы ушын Әзербайжан Республикасы Президенти, ҳүрметли Уллы Мәртебели Илҳам Гейдарович Алиевқа миннетдаршылық билдиремен.

Сизиң тиккелей басламаңыз бенен биз кейинги жыллары заманагөй Әзербайжанның көплеген аймақларына бардық. Гөззал Қарабағ күн сайын абат болып атырғанына, Шуша, Ханкенди, Ағдам қалаларындағы үлкен дөретиўшилик жумысларына гүўа болдық. Әлбетте, жақын досларыңыз сыпатында бул унамлы процесслер бизлерди оғада қуўандырады.

Сизиң исенимли сиясий ерк-ықрарыңыз себепли Армения менен қол қойылған Тынышлық декларациясы болса Түркий мәмлекетлердиң де улыўма жеңиси, десек, қәте болмайды. Бул тарийхый келисим еллеримиз ушын саўда, экономика, транспорт ҳәм гуманитарлық тараўларда тығыз бирге ислесиў бағдарында кең имканиятлар есигин ашпақта.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Жыл даўамында Шөлкемимиз жумысында нәтийжели басшылық еткени, бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа көтериўге мүнәсип үлес қосқаны ушын Қырғыз Республикасы Президенти ҳүрметли Мырза Садир Нурғожоевич Жапаровқа миннетдаршылық билдиремен.

“Регионаллық тынышлық ҳәм қәўипсизлик” темасындағы бүгинги ушырасыўымыз дүньяда қыйын геосиясий өзгерислер жүз берип атырған ҳәм қәўипсизликке қәўип-қәтерлер барған сайын артып атырған бир шараятта өтпекте. Ҳәзир шығып сөйлеген кәсиплеслерим бул машқалалар бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

Жақында Нью-Йорк қаласында болып өткен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының юбилей сессиясындағы дүнья жетекшилериниң шығып сөйлеўлери ҳәм көзқараслары да заманагөй дүньяның сиясий ҳәм қәўипсизлик архитектурасы бойынша бирдей позиция жоқ екенлигин және бир мәрте көрсетти.

Дәўирдиң өзи бизден глобал басқарыў системасын терең реформалаў ҳәм жетилистириў, БМШ ҳәм оның Қәўипсизлик Кеңесиниң ролин арттырыўды талап етпекте. Соның ишинде, раўажланып атырған мәмлекетлердиң орнын ҳәм ҳаўазын беккемлеўде тығыз бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Дүньядағы ең аўыр машқалалар, Евроазия регионында ҳәўиж алып атырған ҳәм соңы көринбей атырған келиспеўшиликлер менен урыслар, әлбетте, бизиң мәмлекетлеримизге де өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпекте.

Газа секторындағы апатшылық, Украина әтирапындағы жағдай, Иранның ядро бағдарламасы машқаласы, Аўғанстанның турақлылығы мәселелери бәршемизди айрықша тәшўишке салады.

Дүньяның қүдиретли мәмлекетлери тәрепинен әдил дүнья тәртибин қәлиплестириў, өз-ара исеним ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге хызмет ететуғын умтылыс ҳәм жаңа режелерди қоллап-қуўатлаймыз.

Глобаллық жағдайды терең таллаў ҳәм зәрүр қарарлар қабыл етиў мақсетинде Түркий мәмлекетлер шөлкеми сыртқы ислер министрлери ҳәм арнаўлы хызметлер басшыларының биргеликтеги ушырасыўларын турақлы өткерип барыўды да заманның өзи талап етпекте, деп ойлайман. Биз биринши қоспа ушырасыўды келеси жылы Самарқанд қаласында өткериў басламасы менен шығамыз.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Таллаўлар соны көрсетпекте, Түркий мәмлекетлер шөлкеми қысқа ўақыт ишинде жедел раўажланып атырған абырайлы халықаралық структуралар қатарына кирди. Бәринен бурын, мәмлекетлеримиз арасында жоқары дәрежедеги сиясий сөйлесиўлер жеделлескени, өз-ара исеним беккемленип атырғаны, әмелий шериклик жойбарлары ҳәм гуманитарлық бағдарламалар турмысқа жедел енгизилип атырғаны буны айқын тастыйықлайды.

Бир ғана мысал келтирмекшимен. Бүгинги күнде Шөлкемимиз шеңберинде отыз бестен аслам бағдарларда әмелий бирге ислесиў алып барылмақта. Мәмлекетлеримиз арасында өз-ара саўда көлеми турақлы өсип бармақта ҳәм бул көрсеткиш 2030-жылға шекем еки есеге артыўы күтилмекте.

Күн тәртибинен келип шығып, бир қатар мәселелерге айрықша тоқтап өтпекшимен.

Структурамыздың абырайы ҳәм потенциалын және де арттырыў, жақын келешекте оның нәтийжели бирге ислесиў майданы сыпатындағы орнын беккемлеў алдымызда турған тийкарғы ўазыйпа болып есапланады.

Бул бағдарда Түркий мәмлекетлер арасында стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы шәртнаманы тезирек келисип, қабыл етиў тәрепдарымыз. Әлбетте, бул әҳмийетли келисим бирге ислесиўимизди раўажландырыў жолында тийкарғы сиясий ҳүжжет сыпатында туўысқан халықларымызды және де жақынластырыў, әмелий байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўда беккем тийкар болып хызмет етеди.

Көп тәреплеме шериклигимизди және де кеңейтиў ҳәм жеделлестириў мақсетинде Шөлкемниң 2030-жылға шекемги раўажланыў стратегиясы ҳәм өз алдына “жол картасы”н ислеп шығыўды усыныс етемиз. Онда төмендеги анық бағдарлар ҳәм илажларды нәзерде тутыўды мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Бириншиден, мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў ҳәм санаат кооперациясын тереңлестириўди тийкарғы бағдар сыпатында көремиз.

Жақын келешекте Шөлкемимиз шеңберинде Жаңа экономикалық имканиятлар мәканын қәлиплестириў тәрепдарымыз. Сөз, биринши гезекте, саўда, бизнес ҳәм өз-ара инвестициялар ушын ең қолайлы шараятларды, ҳуқықый база ҳәм инфраструктураны жаратыў ҳаққында бармақта.

Әмелий бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў ҳәм анық жойбарларды ислеп шығыў, соның ишинде, Түркий инвестиция қоры шеңбериндеги режелерди келисиў мақсетинде Түркий мәмлекетлердиң экономикалық шериклик бойынша турақлы кеңесин шөлкемлестириў ўақты келди. Бул структура мәмлекетлеримиз Бас министрлериниң орынбасарлары тәрепинен басқарылып, турақлы жумыс алып барыўы әҳмийетли. Кеңестиң Жойбарлаў офисин болса Ташкентте жайластырыўға таярмыз.

Кеңес шеңберинде бир қатар жаңа басламаларды әмелге асырыўымыз мүмкин. Соның ишинде, Түркий мәмлекетлердиң Санаат альянсын дүзиў ҳәм бул арқалы машина қурылысы, таў-кән санааты, электротехника, нефть-химия, фармацевтика, жеңил санаат, азық-аўқат, қурылыс материалларын ислеп шығарыў тараўларында жетекши компанияларымыздың кооперация жойбарларын алға қойыў; өз-ара саўда көлемлерин кескин арттырыў ҳәм техникалық регламентлерди жақынластырыў мақсетинде “Түркий жасыл коридорлар” электрон системасын енгизиў зәрүр; “жасыл енергетика”, “жасыл водород ҳәм аммиак” жойбарларын биргеликте әмелге асырыў, алдынғы технологиялар, стандартлар ҳәм компетенцияларды тартыў, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шериклик механизмлерин кеңнен енгизиў ушын “Жасыл трансформация” консорциумын шөлкемлестириў; стратегиялық минераллар базасын өзлестириў ҳәм қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў сыяқлы мәселелер Кеңестиң турақлы итибарында болыўы керек.

Онда “шийки зат – қайта ислеў – илим ҳәм технологиялар – таяр өним” принципи тийкарында әмелий Бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиў үлкен әҳмийетке ийе.

Екиншиден, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде органикалық аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериўде мәмлекетлеримиз дүнья жетекшилеринен болыўы мүмкин.

ФАОның таллаўларына бола, бүгинги күнде органикалық өнимлердиң дүнья базарындағы көлеми 225 миллиард доллардан асламды қурайды ҳәм бул санлар келешекте ҳәр жылы 10 процентке өсиўи күтилмекте.

Мәмлекетлеримиздиң бул бағдардағы потенциалынан келип шығып, сапалы ҳәм талап жоқары болған органикалық өнимлерди ислеп шығарыўда илимий излениўлер ҳәм селекция, санаат кооперациясы ҳәм логистика байланысларын күшейтиўимиз зәрүр.

Келешекте органикалық өнимлеримиз дүнья базарына бирден-бир бренд пенен шығыўы мүмкин. Бул бағдарда аўыл хожалығы министрлеримиз қадағалаўында Экспертлик жумысшы топарды шөлкемлестирип, дәслепки “пилот” жойбарларды таңлап алыў ҳәм мәмлекетлеримизде әмелге асырыўды усыныс етемиз.

Үшиншиден, түркий мәмлекетлердиң транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылығын күшейтиў ҳәм халықаралық транзит коридорларын раўажландырыўда муўапықластырылған сиясат алып барыў зәрүр екенлигин ҳәммемиз терең аңлап турмыз.

Орта коридорды избе-из раўажландырыў бағдарындағы айтып өтилген барлық режелерди толық қоллап-қуўатлаймыз. Ең тийкарғысы, бул коридор бәсекиге шыдамлылығы менен ажыралып турыўы керек. Ол бизнес жәмийетшилиги ушын ең қолайлы шараятларды тәмийинлеп бериўи керек.

Бул бағдарда қолайлы транзит тарифлерин қолланыў, заманагөй транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм санластырылған бажыхана тәртибин енгизиў бойынша жойбарларға үлкен әҳмийет беремиз.

Соны айрықша атап өтиў керек, Орта коридор ҳәзирги ўақытта қурылып атырған Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолы ҳәм перспективалы Трансаўған коридоры менен байланысса, кең регионымызда көп тармақлы, стратегиялық магистраллар системасын жаратыўға ерисемиз.

Транспорт тараўына байланыслы барлық басламаларымыз 12-ноябрь күни Ташкент қаласында болып өтетуғын Мультимодал тасыўлар бойынша халықаралық форум шеңберинде толық додаланатуғынына исенемен. Бул илажда транспорт министрлери, ири логистика компаниялары ҳәм ассоциацияларының басшылары, илимпаз ҳәм экспертлерден ибарат миллий делегациялардың белсене қатнасатуғынына исенемиз.

Төртиншиден, ири санаат ҳәм инфраструктура жойбарлары ҳаққында айтқанда, нәтийжели финанслық инструментлерди енгизиў айрықша әҳмиетке ийе.

Бул бағдарда биз әлбетте Түркий инвестиция қорының жумысын кеңейтиў тәрепдарымыз. Соның менен бирге, тийкарғы жойбарларға қосымша қаржыларды тартыў мақсетинде Ислам раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, басқа да халықаралық финанс ҳәм миллий раўажланыў институтлары менен Стратегиялық бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиўди усыныс етемиз.

Бесиншиден, жасалма интеллект, санластырыў ҳәм креатив экономика тараўлары мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўында әҳмийетли драйверлерге айланбақта. Бул тараўлардағы ҳәрекетлеримизди бирлестириў ушын “Жасалма интеллект ҳәм креатив экономика жойбарларын әмелге асырыў бойынша “жол картасы”н қабыл етиўди усыныс етемиз.

Соның менен бирге, Түркий дүнья халықаралық көргизбесин мәмлекетимизде өткериў басламасын билдиремиз.

Алтыншыдан, “Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық” принципи тийкарында илим ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа көтериў әҳмийетли.

Өзбекстан 2025-2026-жылларда 100ден аслам университетлерди өз ишине алған Түркий университетлер аўқамына басшылық етеди. Келеси ҳәптеде Аўқам Бас Ассамблеясы Ташкент қаласында болып өтеди.

Басшылығымыз дәўиринде “Түркий илим ҳәм инновациялар күнлери”н өткериў басламасы менен шығамыз.

Тараўдағы бирге ислесиўди беккемлеў, қәбилетли илимпазлардың изленислерин хошаметлеў мақсетинде Өзбекстанда Түркий мәмлекетлер халықаралық университети өз жумысын басламақта. Усы жоқары оқыў орны негизинде Биргеликтеги изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў бағдарламасын ислеп шықсақ, әйне мақсетке муўапық болар еди.

Жетиншиден, жасларымыз арасында жат ҳәм бузғыншы идеялардың тарқалыўының алдын алыў мақсетинде түркий мәмлекетлер мәканында экстремистлик ҳәм радикал идеологияға қарсы гүресиўге қаратылған Ҳәрекетлер режесин қабыл етиўди усыныс етемен.

Ҳәзирги ўақытта биз исломофобияның ҳәр қандай көринислерине қарсы гүресиў бағдарында да тығыз сөйлесиўлерди даўам еттиремиз.

Буннан тысқары, Шөлкемимиз шеңберинде Жаслар арасында экологиялық билимлер бойынша қоспа илажларды ислеп шығыў бул жолда әҳмийетли қәдем болатуғыны сөзсиз.

Және бир мәселеге айрықша тоқтап өтпекшимен. Биз келеси жылы уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының 585 жыллығы және уллы әзербайжан шайыры Низамий Гәнжаўий туўылған күниниң 885 жыллығын кеңнен белгилеймиз.

Мине, усы классикалық тулғалардың адамгершилик, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик ҳаққындағы идеялары, бийбаҳа әдебий мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде “Низамий Гәнжаўий ҳәм Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги – Түркий дүньяның руўхый турмысында” атамасында халықаралық илимий конференция өткериўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Сөзимниң жуўмағында Шөлкемимизде басшылықты қабыл етип алып атырған Әзербайжан Республикасы Президенти, ҳүрметли Илҳам Гейдарович Алиевке үлкен әўметлер тилеймен.

Бүгин қабыл етилетуғын Габала декларациясы биргеликте алға қойып атырған ийгиликли баслама ҳәм режелеримизди және де беккемлеп, мәмлекетлеримиздиң улыўма раўажланыўына, туўысқан халықларымыздың абаданлығына мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.

Итибарыңыз ушын рахмет.