Чехияда “MSV-2025” халықаралық санаат көргизбеси жумыс баслады

120

Чехияның Брно қаласында өткерилип атырған “MSV-2025”  халықаралық санаат көргизбесинде Өзбекстанда ислеп шығарылған санаат өнимлери көрсетилмекте.

Бул көргизбеге Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң директоры Акмал Жуманазаров басшылығындағы делегация ағзалары да қатнаспақта.

Атап өтилиўинше, 140 квадрат метр майдан таңлап алынды ҳәм стендлер қурылып, барлық зәрүр илажлар көрилди. Көргизбе шеңберинде 100 ге шамалас сырт ел компаниялары менен B2B ушырасыўлары, инвестициялық жойбарлар ҳәм экспорт шәртнамаларын дүзиў бойынша сөйлесиўлер өткериў режелестирилген.

Көргизбеде “Made in Uzbekistan” бренди астында өним ислеп шығарып атырған ҳәм сырт елге, соның ишинде, GSP+ талабы тийкарында Европа мәмлекетлерине экспорт етиў жумысын әмелге асырып атырған жәми 66 жергиликли кәрхана таңлап алынды.

Халықаралық көргизбеде электротехника санааты, қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы, химия санааты, IТ мәлимлеме технологиялары, таў-кән санааты ҳәм металлургия тараўларында ислеп шығарылып атырған өнимлер көрсетилмекте.

“MSV-2025” халықаралық санаат көргизбесинде жергиликли кәрханалардың белсене қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлер менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўин және де кеңейтиў, сондай-ақ, “Made in Uzbekistan” бренди астындағы өнимлер менен сырт ел исбилерменлерин таныстырыў, сырт мәмлекетлердиң техникалық жақтан тәртипке салыў, муўапықлықты баҳалаў, стандартластырыў ҳәм метрология тараўларында бирге ислесиўди жолға қойыў, жергиликли стандартларды сырт ел стандартлары менен үйлестириў сыяқлы имканиятларды береди.

Шаҳноза Маматуропова, ӨзА