Жаңа басшылар – жаңаша қатнас: кәсиплик аўқамларында оқыў-семинар

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесинде быйылғы есабат-сайлаў конференцияларында жаңадан сайланған кәсиплик аўқам комитет баслықларын кәсиплик аўқам жумыслары менен жақыннан таныстырыў мақсетинде оқыў-семинарлары өткерилмекте.
Баслы мақсет – кәсиплик аўқам шөлкемлеринде биринши мәрте жумыс баслаған кәсиплик аўқамы белсендилериниң жумысларына жақыннан жәрдем бериў, оларға жол-жоба көрсетиў, кәсиплик аўқамлары комитетлерине жаңадан сайланған баслықларды жумыслар менен жақыннан таныстырыўдан ибарат.
Семинарда Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси қурамындағы 30 ға шамалас жаңадан сайланған кәсиплик аўқам басланғыш шөлкемлериниң баслықлары қатнасты.
Оқыў-семинарда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов шығып сөйлеп, Өзбекстан кәсиплик аўқамларының тарыйхы ҳәм бүгинги күндеги жумыслары, кәсиплик аўкамы турмысындағы жаңаланыўлар, өзгерислер ҳәм режелер ҳаққында қатнасыўшыларға кеңнен түсиник берди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң қәнигелери оқыў-семинардың бағдарламасына тийкарланып, “Кәсиплик аўқамлары басланғыш шөлкемлериниң жумысларын устав талаплары ҳәм нормативлик ҳүжжетлер тийкарында шөлкемлестириў, жумысларды режелестириў”, “Басланғыш шөлкемлерде өз қарарлары, жоқары шөлкемлерден түсип атырған ҳүжжетлерди орынлаў бойынша мониторинг алып барыў”, “Кәсиплик аўқам комитети мәжилисин өткериўге таярлық көриў ҳәм өткериў”, “Кәсиплик аўқамлары ҳаққында”ғы жаңа Нызам, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет қатнасықларын тәртипке салыў ҳәм мийнет тартысларын шешиўдиң ҳуқықый тийкарлары”, “Жәмәәтлик шәртнамаларды дүзиўдиң ҳуқықый тийкарлары”, “Мийнет жәмәәтлеринде мәдений-ағартыўшылық, дене-тәрбия ҳәм спорт илажларын шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары”, “Мийнетти қорғаў тараўында кәсиплик аўқамларының роли” атамаларында теориялық ҳәм әмелий шынығыўлар өткерди.
Оқыў-семинарда қатнасыўшылар өз-ара пикир алысып, анкета сораўларына жуўап берди.
Усындай семинар Билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық Кеңесиниң 32 жаңадан сайланған кәсиплик аўқам комитет баслықлары арасында да өткерилип, онда жаңадан сайланған кәсиплик аўқам басланғыш шөлкем баслықларының кәсиплик аўқамы ағзаларының ҳуқықый мәдениятын арттырыўда, федерацияға ағза шөлкемлерлердиң басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлериниң жумысларын жанландырыўға ҳәм нәтийжелигин арттырыўға, барлық дәрежедеги кәсиплик аўқамлары кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм квалификациясын арттырыў темаларында баянатлар жасалды. Сондай-ақ, кәсиплик аўқамы жетекшилери, қәнигелери ҳәм белсендилериниң оқытылыўын және де жетилистириў бойынша комплексли системаны раўажландырыў, мийнет қатнасықларын раўажландырыўда кәсиплик аўқамлары хызметкерлериниң мийнет тараўында нызам менен қорғалатуғын ҳуқықлары менен еркинликлерин, мәплерин тәмийинлеў, кәсиплик аўқамларының тийкарғы жумыс бағдарлары бойынша жәмийеттеги тәсирин күшейтиў ең әҳмийетли ўазыйпалар етип белгилеп алынды.
Семинар даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги