Сенатор “SIRCON-2025” халықаралық конгресинде қатнасты

Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң баслығы Бахром Абдуллаев Әбиў Райхан Беруний атындағы Үргенш мәмлекетлик университетинде болып өткен “Бир мәкан – бир жол: турақлы жасыл экономика, регионаллық раўажланыў, билимлендириў ҳәм мәдений мийрас” атамасындағы “SIRCON-2025” халықаралық конгресинде қатнасты.
Бул ҳаққында senat.uz хабар бермекте.
«Әнжуманда Түркия, Польша, Македонияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм Өзбекстанның илимий мәкемелериниң ўәкиллери қатнасты.
Ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген сенатор мәмлекетимизде билимлендириў системасын жетилистириў, жасыл экономика принциплерин турмысқа енгизиў ҳәм турақлы раўажланыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында өз пикирин билдирди.
Илаж қатнасыўшылары өзлериниң шығып сөйлеўлеринде Уллы жипек жолы цивилизациясының тарийхый, мәдений ҳәм илимий мийрасын үйрениў, сондай-ақ, турақлы раўажланыў, жасыл экономика ҳәм билимлендириў тараўында халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.
Конгресс шеңберинде илимий панель сессиялар, дөгерек сәўбетлери және халықаралық билимлендириў бирге ислесиўин раўажландырыўға қаратылған бир қатар ушырасыўлар өткерилди», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги