Жас дзюдошымыз халықаралық турнир жеңимпазы болды
81

Усы жылдың 2-5-октябрь күнлери Қырғыз Республикасының Ош қаласында спорттың Дзюдо түринен жас өспиримлер арасында халықаралық турнир болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан спортшымыз Ерсултан Толыбаев ең аўыр салмақ категориясында қатнасып, сыйлы 1-орынды ийеледи ҳәм турнирдиң алтын медаль ийесине айланды.
Мағлыўмат ушын, Ерсултан Толыбаев 2010-жылы туўылған. Нөкис қаласындағы 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыйды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги