Денсаўлықты сақлаў тараўында коррупцияға қарсы халықаралық стандарт енгизиў басланды

99

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликтеги бул жойбар Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) бағдарламасына муўапық әмелге асырылып атырған “ҳуқықый эксперимент” шеңберинде жүзеге шығарылмақта.

Усы мүнәсибет пенен денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Э.Боситхонова Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) бағдарламасының басшысы В.Кесслер ҳәм “Alfakon Systems” инновациялық басқарыў компаниясының хызметкерлери менен ушырасты.

Онда денсаўлықты сақлаў системасын трансформациялаў шеңберинде коррупцияға қарсы басқарыў системасы халықаралық стандартын (ISO 37001:2025) енгизиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Ушырасыўда министрдиң орынбасары “коррупциясыз тараў” жойбары шеңберинде системада әмелге асырылған жумыслар ҳәм режелер ҳаққында айтып өтти.

Соның ишинде, бул халықаралық стандарт талапларын министрлик системасында қолланыў ушын коррупцияға қарсы гүресиўге қаратылған 14 ишки локал ҳүжжет жаңа редакцияда қабыл етилип, уйымлық механизмлер енгизилди ҳәм әмелге асырылмақта.

Системада коррупция жағдайлары ҳаққында хабар бериў бойынша “1203” қысқа санлы байланыс ҳәм “t.me/ssvantikor_bot” телеграм бот каналы, сондай-ақ, министрликтиң рәсмий веб-сайтында ssv/pages/komplaens- xizmati атамасындағы бет ҳәм “ssvuz/compliaence” электрон почтасы ислемекте.

Сондай-ақ, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў мақсетинде 4 мәлимлеме системасы жаратылды, екеўи жетилистирилди ҳәм 3 мобиль қосымша иске қосылды. Республикадағы 3 838 медицина мәкемеси DMED системасына жалғанып, 33 миллион халықтың бирден-бир электрон медициналық картасы қәлиплестирилди.

Сөйлесиў даўамында министрликтиң Коррупцияның алдын алыў ҳәм гүресиў бөлими ҳәм “Alfakon Systems” инновациялық басқарыў компаниясы менен биргеликте халықаралық стандартты енгизиў бойынша әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар бойынша келисип алынды.

 

ӨзА