Өзбекстан тәжирийбеси: ислам ағартыўшылығы ҳәм халықаралық бирге ислесиў

Индонезияның абырайлы басылымы – “Kalimantan Post” интернет газетасында 2025-жылдың октябрь айында бас редактор Эка Шанти Рофи ханымның “IBISRC Gelar Kolaborasi Kelas Dunia, Termasuk Indonesia” (“Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы халықаралық бирге ислесиў бағдарламаларын әмелге асырмақта, Индонезия да қосылды”) атлы мақаласы басып шығарылды.
Онда Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайының (IBISRC) жумысы, оның жәҳән дәрежесиндеги илимий бирге ислесиў бағдарлары, атап айтқанда, Индонезиядағы түрлес мәкемелер менен орнатып атырған байланыслары ҳаққында сөз болады.
Мақалада Самарқанд “тарийхый қала, илим ҳәм ағартыўшылық жүреги” сыпатында тәрийипленип, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы болса “түрли мәмлекет илимпазларын бирлестиретуғын руўхый орын” деп тән алынған. Автордың атап өткениндей, Орай соңғы жыллары халықаралық илимий қарым-қатнас ҳәм мәдениятлараралық бирге ислесиўдиң жетекши платформасына айланбақта.

Материалда ҳәзирги күнлерде Орай тәрепинен өткерилип атырған ири изертлеў ҳәм илимий әнжуманлар, соның ишинде, Европа, Азия ҳәм мусылман дүньясы илимпазларын қамтып алған бирге ислесиў жойбарлары, октябрь айының басында “Дин ҳәм көп тиллилик: Европа ҳәм Азия жәмийетлеринде Қуран ҳәм ислам әдебиятларының тарқалыўы” темасында шөлкемлестирилген халықаралық әнжуман ҳаққында пикир жүргизилген. Орай басшысы, профессор Шовосил Зиёдовтың әнжумандағы шығып сөйлеген сөзинен төмендеги сөз келтирилип, “Самарқанд илим ҳәм ағартыўшылық нурын таратқан әййемги қала сыпатында бүгин және цивилизациялар арасындағы қарым-қатнас орайына айланбақта” деген теңеўи менен пикир және де беккемленген.
Атап өтилгениндей, Орайдың “дүнья дәрежесиндеги бирге ислесиў” басламалары арасында Индонезия илимпазлары да белсене қатнаспақта.
Бул мақала Индонезияның ири басылымында басып шығарылғаны тек ғана илимий ўақыяның халықаралық көлемде тән алынғанын аңлатпайды, ал Өзбекстанның ислам ағартыўшылығы, мәденияты ҳәм кеңпейиллик дәстүрлерин дүнья жәмийетшилигине жеткериўдеги жетискенликлерин көрсетеди.
Бул мақала “Kalimantan Post” газетасында да “Transformasi Al-Qur’an dari Abad ke-15” (“Қуранның XV әсирден кейинги трансформациясы”) аты менен жәрияланды.
Ғ.Ҳасанов, ӨзА