Өзбекстан делегациясы Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлераралық кеңес мәжилисинде қатнасты

Президентимиздиң 2025-жыл 30-июльдеги «Халықаралық шәртнамаға қосылыў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Өзбекстан 2013-жылы Минск қаласында қол қойылған Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлераралық кеңести дүзиў ҳаққындағы келисимге рәсмий қосылды.
Қарарға муўапық, бул халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў бойынша жуўапкер уйым сыпатында Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги белгиленген. Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия ҳәм Тәжикстанның коррупцияға қарсы уйымларының басшылары кеңес ағзалары есапланады.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлераралық кеңестиң 10-мәжилиси Арменияның Ереван қаласында шөлкемлестирилди. Онда Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры Акмал Бурҳонов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы да қатнасты.
Бул мәжилисте Өзбекстан делегациясының қатнасыўы шөлкемниң толық ағзасы сыпатындағы дәслепки қатнасыўы болды. Сапардан тийкарғы мақсет – мәмлекетлераралық кеңестиң жумысы шеңберинде регионда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы әҳмийетли машқалалар, басламалар ҳәм стратегиялық бағдарларды додалаў және әмелий бирге ислесиўди күшейтиўден ибарат.

Кеңес мәжилиси шеңберинде Өзбекстан делегациясының басшысы Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетте әмелге асырылып атырған коррупцияға қарсы реформалар, миллий ҳәм регионаллық басламалар және халықаралық бирге ислесиў нәтийжелилигин атап өтип, кеңес жумысында белсене қатнасыў, арттырылған тәжирийбе менен ортақласыў ҳәм жаңа биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
Кеңес мәжилисинде виртуал валюталардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў, коррупция ушын юридикалық тәреплердиң жуўапкершилиги, коррупциядан жырақ бизнес орталығын жаратыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланды.
Сапар шеңберинде Агентлик делегациясы бир қатар сырт ел ўәкилликли уйымлары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди. Соның ишинде, Армения Бас прокуроры Анна Вардапетян менен болып өткен ушырасыўда еки мәмлекет арасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын жолға қойыўға келисип алынды.
Сондай-ақ, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Беларусь Республикасы Бас прокуратурасы арасында бирге ислесиў ҳүжжетине қол қойылды.
Бул ҳүжжет ҳуқықый мәлимлемелер алмасыўы, илимий-методикалық усыныслар ислеп шығыў, коррупцияның себеп ҳәм шараятларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, мәпдар шасхлар жумысында ҳадаллық ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў сыяқлы бағдарларда өз-ара бирге ислесиўди нәзерде тутады.
Н.Абдураимова, ӨзА