Салықшылардың жумыс нәтийжелилиги талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасында Салық комитети баслығының орынбасары Улуғбек Садуллаевтың қатнасыўында жеке қурам менен мәжилис өткерилди.
Дәслеп бюджет түсимлерин тәмийинлеў, атап айтқанда, 2025-жылдың IV шерегин нәтийжели жуўмақлаў мәселеси додаланды.
Ҳәр бир салық түри бойынша белгиленген прогноз көрсеткиши ҳәм оның әмелдеги орынланыўы бирме-бир талқыланды.
“Кәрхана кесиминде” бағдарында нәтийжелилик көрсеткиши төмен болған тараў ҳәм тармақ жуўапкерлери және “мәҳәлле кесиминде” системасында ең төмен нәтийжелерди көрсетип атырған салық инспекторлары сынға алынды.
Салық төлеўшилер тәрепинен артықша төленген ямаса артықша өндирилген салық төлемин қысқартыў, артықша төлемге жол қойған салық хызметкерлерине белгиленген тәртипте интизамый жаза шаралары қолланылыўы ескертилди.
Жасырын экономиканы қысқартыў, рәсмий емес жумысшы-хызметкерлердиң жумысын легалластырыў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў лазымлығы атап өтилди.



Сондай-ақ, ушырасыўда коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Коррупциялық жағдайларға себеп болып атырған факторлар ҳәм оларды сапластырыў илажлары додаланды. Атап айтқанда, ишки мийнет тәртип-қағыйдаларына әмел етпеў, жумыс нәтийжелилигиниң төменлеўи ҳәм дәмегөйлик сыяқлы иллетлер барлық ҳуқықбузарлықлардың тийкары екени атап өтилди.
Илажда коррупцияның аянышлы ақыбетлери сәўлеленген видеоролик қойып берилип, жәмәәтте саламат орталықты қәлиплестириў ҳәм өз-ара биргеликте ислесиў белгиленген прогноз режесиниң орынланыўын тәмийинлеў менен бир қатарда, коррупциялық жағдайлардың алдын алыўда да айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги