«Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы әмелде

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов тәрепинен Нөкис районында «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди.
Үйрениў даўамында анықланған социаллық-экономикалық машқалаларды сапластырыў, шаңарақлардың мийнетке жарамлы, жумыссыз ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў, турақ жайлардың гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларына жәрдемлесиў бағдарында мәнзилли ҳәм мүддети белгиленген ўазыйпалар белгилеп алынды.


Сондай-ақ, прокурор өзине бириктирилген аўыр жағдайдағы шаңарақларды барып көрди ҳәм оларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша алып барылып атырған илажлар додаланып, тийисли илажлар белгилеп алынды.
Соны атап өтиў лазым, быйылғы жылдың өткен дәўири ишинде усындай шаңарақлардан үшеўиниң турақ жайлары толық оңланды. Перзентлериниң пән дөгерегинде қосымша билим алыўы ушын жәрдем берилди. Барлық шаңарақлардың ағзалары толық тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди. Қыйтақ жеринен өнимли пайдаланыўына жәрдемлесилди. 2 шаңарақтың үш ағзасы турақлы жумысқа жайластырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги