Боксши жаңа жеңис пенен ықласбентлерин қуўандырды
86

Әзербайжанда өткерилип атырған Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы спорт ойынларында мәмлекетимиз боксшилери улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында 66 кг салмақта беллесиўлерге қатнасқан республикамыз ўәкили Улбосын Жалғасбаева қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Соны айтып өтиўимиз керек, бул жас боксшимиз усы жылы Иордания мәмлекетинде жас өспиримлер арасында өткерилген Азия чемпионатында да табыслы қатнасып, гүмис медальды қолға киргизген еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы