Марафон – саламат турмысқа қарай қәдем

98

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги, Өзбекстан жеңил атлетика федерациясы Қарақалпақстан бөлими, Uzbekneftegaz ҳәм ProRun шөлкемлериниң қәўендерлигинде «NUKUS Half Marathon» жуўырыў марафоны ҳәм жуўырыў бойынша Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан  спортшылар қатнасып, 5 ҳәм 21 км аралыққа жуўырыў бойынша өз-ара беллести.

Кескин өткен жарыс жуўмағында, 5 км аралыққа қызлар арасында өткерилген жарыста Маржона  Сайдуллаева биринши орынды жеңип алған болса, Мухайё  Махаммаджанова  ҳәм Динора  Озодовалар гүмис ҳәм қола медальларын қолға киргизди.

Ерлер арасында өткерилген жарыста Беҳруз  Шавкатов бәйгиге биринши болып жетип келген болса, Воҳид  Искандаров  ҳәм Шохжахон  Хайруллаевларға екинши ҳәм үшинши орынлар несип етти.

21 км аралыққа жуўырыў жарысы да оғада қызықлы өтип, онда қызлар арасында 1 саат 16 минут 28 секунд нәтийже көрсеткен Садафбону Нусратиллоева алтын, 1 саат 16 минут 46 секунд нәтийжеге ерискен Шохсанам Хурамова гүмис ҳәм 1 саат 26 минут 37 секунд нәтийже менен Сабринабону Комилова қола медалын жеңип алды.

Ал, ерлер арасында Бекзод Бойматов биринши, Руслан Ходжаев екинши ҳәм Ҳасан Садритдиновлар  үшинши орынларды ийелеўге еристи.

Жуўырыў бойынша өткерилген Қарақалпақстан чемпионатында қызлар арасында Эжемия  Базарбаева алтын, Рамила  Наврузбаева гүмис ҳәм Шахсәнем  Арзекеева қола медалына ылайық деп табылды.

Ерлер арасында 1 саат 9 минут 59 секунд нәтийже көрсеткен Рашидбек  Искандаров  биринши, 1 саат 16 минут 28 секунд көрсеткишке ийе Йулдошбой  Сатимбаев екинши, 1 саат 16 минут 28 секундта бәйгиге жетип келген Қуўат  Абдимуратов үшинши орынды қолға киргизди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е Қутыбаев барлық қатнасыўшыларды жарысқа қатнасқаны менен қутлықлап, жеңимпазларды шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль, ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықлады.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы