Нобель сыйлығының пайда болыўына әпиўайы газета хабаршысының қәтеси түртки болғанын билесиз бе?

143

Швециялы белгили илимпаз Альфред Нобель 55 жасқа толғанында Канн қаласында жасап атырған ағасы Людвиг қайтыс болады. Швециялы газета хабаршыларынан бири адасып, Альфред Нобель қайтыс болыпты деп газетада дағаза берип жибереди. Өзи ҳаққындағы қайғырыў хатын оқыған Альфред Нобель пүткил өмири ҳәм хызметиниң мәнисин түсинип жеткен екен. Себеби, Швеция газеталарында – “Әжел саўдагери, әжел ойлап табыўшысы өлди” деп жазылған еди. Бул нәрсе илимпазға қатты тәсир етеди – “Аўа, мине жәмийет мен ҳаққында қандай пикирлейди екен” деп жуўмақлаған еди илимпаз.

Негизинде Нобельдиң динамиттен басқа және 355 ашылыўы да бар еди, бирақ әйне динамит ойлап табылыўынан ол жүдә үлкен пайда көрген еди. Оның өлген ағасы Людвиг болса снаряд ислеп шығаратуғын ҳәм оны сататуғын саўдагер еди.

Нобель өзи ҳаққында жәмийеттиң пикирин пүткиллей өзгертиўге қарар етип, өзиниң ўәсиятнамасын қайтадан жаздырады.

1895-жылы Париждеги Швед-Норвег клубында дүзилген бул ўәсият хатында Альфред Нобель өзине тийисли 31 млн Швеция маркасын келешектеги илим ҳәм әдебият ғайраткерлерине қалдырылған ўәсиятнама бәнтлеринде төмендегише жазылған еди:

– Мен Альфред Бернхард Нобель ақыл-ҳуўшым орнында, деним саў ҳалда ўәсият етемен: Мениң ўәсиятымды орынлаўшы ўәкиллерим өлимимнен кейин маған тийисли барлық байлықларымды қымбат баҳалы қағаз пулларға айландырып, фонд дүзиўге буйрық беремен. Бул фондтан келетуғын процент пайдасын илимде, әдебиятта, инсаниятқа пайда келтириўши шахсларға ҳәр жылы сыйлық түринде берилиўин шәрт етип белгилеймен. Усы сыйлық фондынан келетуғын процент пайдасын бес бөлекке бөлип, бес сыйлық шөлкемлестириўди буйыраман.

  1. Физика бағдарындағы дүнья жүзилик ашылыўға;
  2. Химия пәни бағдарындағы дүнья жүзилик ашылыўға;
  3. Физиология ҳәм Медицина бағдарындағы дүнья жүзилик ашылыўға;
  4. Инсаният идеалларын жырлайтуғын көркем шығарма авторына, яғный әдебият бағдарына;
  5. Халықлардың тынышлығы жолында, олардың бирлесиўи жолында гүресетуғын, қуллықты сапластыратуғын, армиялар санын қысқартатуғын, урыслардың алдын алатуғын, тынышлық келисимлерин дүзетуғын инсанларға

бул сыйлықтың берилиўин буйрық етемен.

– Мениң және бир тилегим бул сыйлықлар расалық, миллетшилик принциплеринен жырақ болыўы керек, жеңимпазлар қайсы миллет, қайсы расаның ўәкили болыўына қарамастан сыйлықты алыўын қәлеймен ҳәм ўәсият етемен.

Альфред Нобель өлиминен соң оның ўәсиятына муўапық ҳәр жылы дүнья жүзилик нәтийжелерге ерискен инсанлар өз сыйлықларын, яғный Нобель сыйлығын алып келмекте.

Нобельдиң жүдә көп туўысқанлары суд арқалы өз бабаларының ўәсиятын қайта көрип шығыўға ҳәрекет еткен, бирақ ҳәммеси судта утылған. Себеби Нобель барлық байлығын туўысқанларына емес, инсаниятқа бағышлаған еди. Дүньядағы ең атақлы сыйлық әне усылай пайда болған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги