“Uzbekistan GTL” ЖШЖ биринши болып ўәкилликли экономикалық оператор статусын қолға киргизди

Бул ҳаққында “Өзбекнефтгаз” АЖ мәлимлеме хызмети хабар берди. Онда мәлим етилиўинше, усы шөлкемниң қурамындағы “Uzbekistan GTL” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине Бажыхана комитети тәрепинен ўәкилликли экономикалық оператордың биринши категориясы статусы берилген.
Бул статус нефть-газ тараўында биринши мәрте “Uzbekistan GTL” кәрханасына берилди.
Әҳмийетли тәрепи сонда, буннан былай “Uzbekistan GTL” кәрханасы сыртқы саўда процесслеринде бажыхана төлемлерин кешиктирип ямаса бөлип-бөлип төлеў, товарларды тезирек рәсмийлестириў ҳәм шығарыў, тасыў жөнелислерин еркин белгилеў, экспорт жүклерине қойылған пломбалардың бажыхана уйымлары тәрепинен рәсмий тән алыныўы ҳәм сырт ел товарларын бажыхананың араласыўысыз жүргизиўисиз тасыў имканиятына ийе болады.
Сондай-ақ, бундай имканият заводтың өндирислик ҳәм експорт-импорт операцияларын сезилерли дәрежеде жеңиллестиреди. Атап айтқанда, технологиялық үскенелер, аўысық бөлеклер ҳәм реагентлерди алып кириў процесслери жеделлеседи және таяр өним, яғный синтетикалық жанылғы ҳәм басқа да түрдеги өнимлерди сырт ел базарларына експорт етиўде бажыхана рәсмийлестириўи әпиўайыласады.
“Uzbekistan GTL” ушын берилген бул статус тек ғана кәрхананың раўажланыўы емес, ал мәмлекетимиз санаатындағы логистика ҳәм сыртқы экономикалық байланыслардың және де жетилисиўине хызмет етеди.
Мағлыўмат орнында, бундай статус Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 24-августтағы қарары менен тастыйықланған “Ўәкилликли экономикалық операторлар ҳаққындағы реже” тийкарында бериледи. Ол ўәкилликли кәрханаларға бажыхана тараўында бир қатар қолайлық ҳәм жеңилликлер жаратып береди.
Н.Зиёдуллаева тайёрлади, ӨзА