Халық ўәкили сайлаўшылар менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының усы жылдың үшинши шереги даўамындағы жумыслары бойынша сайлаўшыларға мәлимлеме бериў режеси шеңберинде, Жоқарғы Кеңес депутаты Ахмед Реймов өзи сайланған Нөкис қаласындағы Жуўазшы мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда депутат Ахмед Реймов елимизде, соның ишинде, Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, атап айтқанда, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жол ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, мәмлекетимизде Президент тәрепинен қабыл етилип атырған Пәрман ҳәм қарарлар бойынша кең түсиниклер берди.
Ушырасыў даўамында аймақ турғынлары да көшелерде ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў, электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў, балалар ҳәм жаслар ушын мәдений-ағартыўшылық илажларды көбейтиў сыяқлы бир қатар усыныс ҳәм машқалаларды билдирди.
Депутат бул мәселелерди дыққат пенен тыңлап, оларды шешиў бойынша жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте әмелий илажлар көрилетуғынын мәлимледи.

Соңынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ахмед Реймов усы аймақта жасаўшы, физикалық имканияты шекленген пуқараның ҳал-жағдайынан хабар алды ҳәм оның турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде, үйин оңлаў ушын зәрүр қурылыс материалларын тапсырды.
Бул ийгиликли баслама халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына турақлы итибар қаратылып атырғанын және бир мәрте көрсетти.
Депутат Ахмед Реймовтың атап өтиўинше, ҳәр бир пуқараның мүнәсип турмыс кешириўи ҳәм турақ жай шараятын жақсылаў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Өткерилген илажда аймақ белсендилери ҳәм турғынлары көрсетилген бул әмелий жәрдем ушын А.Реймовқа өз миннетдаршылығын билдирип, бундай басламалар жәмийетте аўызбиршиликти беккемлейтуғынын атап өтти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы