Спорт ҳәм дослық үйлеслиги – ҒМДА мәмлекетлери беллесиўлеринде

Ҳәзирги күнлери Әзербайжанда Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы спорт ойынлары болып өтпекте.
Бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында Қарақалапақстанлы 20 спортшы спорттың 9 түри бойынша беллесиўлерде қатнасып, сыйлы орынларды қолға киргизбекте.
Атап айтқанда, Қылышласыў спорты бойынша өткерилген беллесиўлерде ерлер арасында Н.Кеңесбаев, Ш.Абулов ҳәм А.Орақбаевлар финаллық беллесиўлерде россиялы спортшыларды 45:43 есапта жеңип, жарыс жеңимпазына айланды.



Ал, ҳаял-қызлар гүреси бойынша болып өткен жарысларда жерлесимиз Нафиса Шамуратова финалға шекем жетип келди. Бирақ, финаллық беллесиўде оған бираз тәжирийбе жетиспеди ҳәм гүмис медаль менен шеклениўге мәжбүр болды.
Жарыс еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы