Орайлық Азия педагоглары Нөкисте ушыраспақта

92

Бүгин Нөкис қаласындағы Аққуў комплексинде «Орайлық Азия педагоглары» халықаралық форумының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. 

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Эъзозхон Каримовалар шығып сөйлеп, елимизде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында алып барылып атырған кең кѳлемли реформалар, тараўға қаратылып атырған айрықша итибар ҳаққында атап өтти.

Ҳақыйқатында да, республикамызда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде тәлим-тәрбия системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, оқыў процесине алдынғы тәжирийбелер, инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў, педагоглардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, оқыўшы жасларға заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер сырларын үйретиў бағдарындағы жумыслар жаңа басқышларға көтерилмекте.

Өткерилип атырған форумда Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекши педагоглары, билимлендириў тараўы пидайылары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, сондай-ақ, бир қатар халықаралық шөлкемлер ҳәм де Кембридж университетиниң ўәкиллери қатнаспақта.

«Турақлы келешек – экологиялық тәлимнен басланады» деген идея тийкарында ѳткерилип атырған бүгинги Халықаралық форум Орайлық Азия мәмлекетлери арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўде, педагоглар ушын тәжирийбе алмасыў платформасын жаратыўда ҳәм регионаллық билимлендириў системасын раўажландырыўда, халықаралық тығыз бирге ислесиўлерди буннан былай да кеңейтиўде әҳмийетли орын ийелейди.

Форум шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги