Ағартыўшылық, сөйлесиў ҳәм дослық мәсканы

110

Миллетлераралық дослық, аўызбиршилик, тынышлық ҳәм татыўлық – ең үлкен ҳәм бийбаҳа байлық болып есапланады.

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-мартта қабыл етилген “Улыўма миллий татыўлық ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен байланысларды беккемлеўди жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы пәрманына муўапық, миллетлераралық қатнасықларды сәйкеслестириў, жәмийетте дослық, өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм тилеклеслик орталығын беккемлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға үлкен итибар қаратылмақта.

Пайтахтымызда жайласқан Миллий мәдений орайлар павильонында Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети және Өзбекстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ) Халық дипломатиясы орайы менен биргеликте жергиликли ҳәм ШБШ мәмлекетлери медиа тараўы ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Дәслеп пресс-тур қатнасыўшыларына мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлықты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар, Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети ҳәм Өзбекстанда ШБШ Халық дипломатиясы орайының жумысы және Миллий мәдений орайлардың павильонлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Буннан соң журналистлер ҳәм мийманлар түрли миллет ҳәм халықлардың үрп-әдетлери, үй-руўзыгершилик буйымлары, көркем өнер дөретпелери, музыка әсбаплары ҳәм тәкирарланбас экспонатлардан ибарат дослық үйлери менен танысты. Еки қабатлы бул саўлатлы ҳәм пайызлы дослық үйлери 22 миллеттиң дәстүр ҳәм қәдириятларын жәмлеген.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде қазақ, қырғыз, түркмен, башқурт халықларының миллий отаўлары, сондай-ақ, корейс, беларус, украин, немис, грек, дунган, поляк, еврей, грузин, армян, татар, қырым-татар, уйғыр, түрк, тәжик, қытай, рус ҳәм әзербайжан миллетине тийисли дослық үйлериниң жумысы менен кеңнен танысыў имканияты жаратылды.

Бул Миллий мәдений орайлардың павильонлары мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған болып, 30-июль – Халықлар дослығы күни алдынан салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылған еди.

Павилон мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм дослық, өз-ара аўызбиршилик сиясатының әмелий көриниси болыўы менен бирге, өз-ара пикир алысыў майданына да айланды.

Қысқа мүддет ишинде бул жерде түрли салтанатлы илажлар, сейиллер, концертлер, дослық фестивальлары ҳәм көргизбелер шөлкемлестирилди.

Ҳақыйқатында да, бул орын бүгинги күнде пайтахтымыздың ең адамлар көп жыйналатуғын ҳәм пайызлы орынларынан бирине айланып үлгерди.

 

Назокат Усмонова,

ӨзАның хабаршысы