Инвестиция ҳәм имканият: Төрт жүзден аслам пуқара жумыс пенен тәмийинленди

127

Бажыхана басқармасының жуўапкер хызметкерлери “Nukus SSP Texnopark” ЖШЖның тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойған кәрханасында болды.

Бул жерде 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел инвестициясы есабынан қаржыландырылып атырған жойбардың иске қосылыўы арқасында 460 жергиликли турғынның турақлы жумыс орны менен тәмийинлениўине ерисилген.

Жыл басынан бул кәрхана тәрепинен баҳасы 246 мың АҚШ долларлық 93 мың тонна өним ислеп шығарылған.

Ушырасыўда жылына 18,3 тонна жип ийириў қуўатлылығына ийе болған бул кәрхана, товарларды қайта ислеў көлемин және де арттырыўында ҳәм экспорт-импорт операцияларын әмелге асырыўда сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларының бар машқалалары үйренилди.

Кәрхана ўәкиллерине қәнигелер тәрепинен “бажыхана аймағында қайта ислеў” режими – бажыхана бажыларынан азат аймақ екенлиги атап өтилип, усы тәртип-қағыйдалардан нәтийжели пайдаланыўы кәрхананың өндирислик ҳәм экспорт көлеминиң артыўына унамлы тәсир көрсететуғыны әмелий мысаллар тийкарында көрсетип берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги