АҚШ доллары курсының төменлеўиниң себеплери түсиндирилди. Кейинги прогноз қандай? (+видео)

137

Соңғы күнлерде АҚШ доллары курсы төменлеп бармақта. Бул жағдай және даўам ете ме, деген сораўлар көпшиликти қызықтырмақта. Айырым ўатанласларымыз қәўетерленип, долларларын сумға алмастырыўға кирискен.

Өзи курс не ушын түсип атыр, кейинги айларда курс бойынша қандай прогноз бериледи? Бул ҳалат халық ҳәм бизнес ушын қандай тәсир көрсетеди?

Экономист, Банк-қаржы академиясының бөлим баслығы Аминжон Мардонов усы сораўларға жуўап берди.

– Ҳақыйқатында да, ҳәзирги дәўирде Өзбекстанда доллар курсының бираз төменлеўи бақланбақта. Бул процесс бир неше факторлар менен түсиндириледи. Ең дәслеп, Орайлық банктиң қатаң ақша-кредит сиясаты әҳмийетли роль ойнады. Яғный, миллий валютаны қоллап-қуўатлаў ушын әмелге асырылып атырған интервенциялар ҳәм процент ставкаларын турақлыластырыў процесслери курсты тәртиплестириўге жәрдем берди.

Екинши тәрептен, мәмлекетке сырт ел валютасы ағымының көбейиўи де доллар курсының төменлеўине себеп болмақта. Атап айтқанда, экспорт түсимлери, мийнет мигрантларының жөнелтип атырған пул өткермелери ҳәм сырт ел инвестицияларының көбейиўи валюта базарында усынысты арттырды. Нәтийжеде талап-усыныс қатнасында доллар салыстырмалы түрде арзанлады.

Сондай-ақ, глобал базарлардағы айырым факторлар да тәсир етпекте. Мәселен, АҚШ Федерал резерв системасы процент ставкаларын пәсейтиўи, региондағы бирге ислесиўши мәмлекетлердиң валюта сиясаты, нефть ҳәм газ баҳаларының турақлыласыўы да доллардың улыўма глобаллық қунына тәсир етпекте.

Егер ҳәзирги тенденциялар сақланып қалса, доллар курсының кескин өзгериўи күтилмейди. Ал, қысқа мүддетте курс және төменлеўи ямаса турақлы дәрежеде сақланыўы мүмкин. Бирақ узақ мүддетли прогнозларда сыртқы факторлар – атап айтқанда, жәҳән финанс базарындағы тербелислер, Өзбекстанның импорт көлеминиң артыўы ямаса экспорт дәрежесиндеги өзгерислер үлкен әҳмийетке ийе.

Сол себепли, кейинги 2-3 айда доллар курсы салыстырмалы турақлы қалыўы, жыл ақырына келип болса мәўсимлик факторлар себепли және өзгериўи мүмкин.

Доллар курсының төменлеўи, бир тәрептен, импорт етиўши кәрханалар ушын қолайлы имканият жаратады, себеби олар өнимлерди арзанырақ валютада алып келиўи мүмкин. Екинши тәрептен, экспортёрлар ушын түсимниң миллий валютадағы баҳасы азаяды, бул оларды нәтийжелиликти арттырыў ҳәм қәрежетлерди оптималластырыўға ийтермелейди. Халық ушын болса миллий валютаға болған исеним артады, бул ишки базар турақлылығы ушын унамлы жағдай болып есапланады.

 

Беҳруз Худойбердиев, Аслиддин Алижонов, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА