“Өзбекнефтьгаз” АЖның коррупцияға қарсы менеджмент системасы халықаралық аудиттен табыслы өтти

Ҳәзирги глобал экономикалық шараятта корпоративлик ашық-айдынлық, ҳадаллық ҳәм жуўапкершилик принциплерине әмел етиў ҳәр қандай ири шөлкем ушын стратегиялық әҳмийетке ийе.
“Өзбекнефтьгаз” АЖ тәрепинен коррупция қәўпин басқарыў системасын халықаралық талаплар тийкарында енгизиў ҳәм оны жетилистириўге қаратылған басламалар тек ғана ишки жумыс нәтийжелилигин арттырыў емес, ал халықаралық исенимди беккемлеўге де хызмет етпекте.
Жәмийеттиң мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, “Өзбекнефтьгаз” АЖның “ISO 37001:2016” халықаралық стандарт талапларына муўапық енгизилген Коррупцияға қарсы басқарыў системасы гезектеги аудиттен табыслы өтти.
Аудит процесинде жәмийетте коррупция қәўпин анықлаў, баҳалаў ҳәм азайтыў механизмлери, ишки қадағалаў системалары және хызметкерлердиң этика ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етиўи ҳәр тәреплеме үйренилди. Нәтийжеде системаның халықаралық стандартларға толық муўапықлығы тастыйықланды ҳәм сертификаттың әмел етиў мүддети созылады.
“Өзбекнефтьгаз”да бул системаның енгизилиўи жумыста ашық-айдынлықты ҳәм есап бериўди күшейтиў, бизнес орталығын жақсылаў ҳәм инвесторлардың исенимин арттырыўға хызмет етпекте. Соның менен бирге, бул процесс жәмийеттиң корпоратив басқарыў сапасын және де жақсылаў ҳәм халықаралық стандартларға бейимлестириў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири сыпатында тән алынбақта.
Жуўмақлап айтқанда, коррупцияға қарсы гүресиўде заманагөй усылларды енгизиў ҳәм халықаралық стандартларға муўапық ислеў “Өзбекнефтьгаз”дың келешекке исеним менен қараўы ҳәм жәмийетимизде ашық-айдынлықты беккемлеў жолындағы әҳмийетли нәтийже болып есапланады.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзАның хабаршысы