Глобаллық тиккелей инвестиция избе-из екинши жыл төменлемекте

БМШ Саўда ҳәм раўажланыў конференциясы (ЮНКТАД) сиясаттың анықсызлығы глобаллық инвестицияға айрықша тәсир көрсетип атырғанынан ескертти ҳәм раўажланып атырған мәмлекетлер Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ)не инвестицияныӊ кескин азайыў қәўпи артып атырғанын мәлим етти.
ЮНКТАД жәриялаған арнаўлы есабатта атап өтилиўинше, глобаллық тиккелей инвестиция өткен жылы да 11 процентке азайған еди. Демек, екинши жыл избе-из төменлеў бақланды. Бул унамсыз жағдай өндирислик капитал ағымы жедел төменлеп атырғанынан дерек береди.
Инвестиция ағымыныӊ кескин қысқарыўы раўажланған мәмлекетлер, атап айтқанда, Европа ушын тән. Раўажланып атырған мәмлекетлерде инвестиция киргизиў процеси турақлы көринеди. Тек ғана, есабат авторларының пикиринше, бул тереңирек кризисти жасырады. Яғный, көплеген экономикаларда капитал ямаса турақласпақта, ямаса инфраструктура, энергетика, технология ҳәм жумыс орнын жаратыўшы санаат сыяқлы тийкарғы тармақларды пүткиллей шетлеп өтпекте.
– Көплеген экономикалар потенциал жетиспеўшилиги себепли емес, ал система капиталды ең зәрүр орын қалдырып, ең қолайлы орынға бағдарлаўда даўам етип атырғаны себепли артқа кетпекте, – дейди ЮНКТАД Бас хаткери Ребека Гринспан. – Ҳақыйқатында да жағдайды дүзетиў мүмкин. Егер мәмлекетлик ҳәм жеке меншик инвестицияны раўажланыў мақсетине бейимлестирсек, системаға исенимди тиклесек, бүгинги турақсызлық ертеңги күн имканиятына айланады.

Ҳүжжетте келтирилиўинше, инвестициялық орталық геосиясий кескинлик, саўда тарқалыўы ҳәм санаат сиясатындағы бәсекиниң күшейиўи арқалы қәлиплеседи. Бул факторлар финанслық қәўип-қәтер ҳәм анықсызлықтың күшейиўи менен бирге глобаллық инвестиция картасын өзгертеди, узақ мүддетли келешекте инвесторлардың исенимине зыян жеткереди. Себеби, трансмиллий компаниялар соңғы ўақытлары узақ мүддетли стратегияға қарағанда, қысқа мүддетли қәўипти басқарыўға барған сайын көбирек үстинлик бермекте.
Глобаллық тиккелей инвестициялардың азайыўы тийкарынан раўажланған мәмлекетлерге инвестиция муғдары 22 процент, соның ишинде, Европада 58 процент азайыўы менен байланыслы.
Раўажланып атырған мәмлекетлерде өзгерис ҳәр қыйлы көринисте болады. Африкада сырт ел инвестициясы Египеттеги ири жойбар себепли 75 процентке өсти. Усы жойбарды есапқа алмағанда, өсиў 12 процентти қурады. Оған инвестицияны әпиўайыластырыў илажлары ҳәм тәртипке салыў реформасы жәрдем берди.
Азия 3 процентлик унамсыз көрсеткишке қарамастан, сырт ел инвестициясын ең көп қабыл етиўши регион болып қалмақта.
Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлери инвестицияны 10 процентке арттырып, 225 миллиард долларға жеткерди. Бул тарийхта дизимге алынған екинши жоқары көрсеткиш.
Латын Америкасы ҳәм Кариб бассейни мәмлекетлеринде 12 процент төменлеў бақланған. Аргентина, Бразилия ҳәм Мексикада болса жаңа жойбарлар көбейген.

– Жақын Шығыс Персия қолтығындағы экономикалық диверсификация себепли күшли көрсеткишти сақлап қалды, – делинеди есабатта. Структуралық жақтан күшсиз мәмлекетлер экономикасы түрлише нәтийже көрсеткен. Ең аз раўажланған мәмлекетлер ҳәм раўажланып атырған киши атаў-мәмлекетлерге инвестиция сәйкес түрде 9 ҳәм 14 процентке өсти. Теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлер болса 10 процент төменлеўди көрсеткен.
Жасыл майданларға тиккелей инвестиция өзгермеген болса да, халықаралық жойбарларды қаржыландырыў, әсиресе, инфраструктура үлкен әҳмийетке ийе болған 2024-жыл, 26 процентке азайды. Бул жағдай Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын әҳмийетли болған тармақлар – қайта тикленетуғын энергия, транспорт, суў ҳәм ақаба системасында анық бақланды.
Санлы экономикаға сырт ел инвестициясының көлеми 14 процентке өсти, бирақ өсиў тең өлшеўли болмай қалды: 10 мәмлекет барлық жаңа санлы жойбарлардың 80 процентин қамтып алды, көплеген раўажланып атырған мәмлекетлер болса инфраструктура, нормативлик-ҳуқықый база ҳәм маман жумысшылардың жетиспеўшилиги себепли процесстен артта қалмақта.
Есабат авторларыныӊ ескертиўинше, ҳәзирги инвестиция дәрежеси глобаллық зәрүрликтен бираз төмен. ТРМды қаржыландырыўдағы бослықты қаплаў ушын раўажланып атырған мәмлекетлерге ҳәр жылы шама менен 4 триллион доллар керек. Қәнигелердиң пикиринше, бул мақсетке ерисип болмайтуғын дәрежеде көп муғдар.
С.Раҳимов, ӨзА