ҒМДАға ағза мәмлекетлер сайлаў уйымлары басшыларының Мәсләҳәт кеңесиниң мәжилиси болып өтти

Қазақстанның Ақмола ўәлаяты Бурабай қаласында Қазақстан Орайлық сайлаў комиссиясының басшылығында ҒМДАға ағза мәмлекетлер сайлаў уйымлары басшылары Мәсләҳәт кеңесиниң алтыншы мәжилиси болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы басшылығындағы делегация ўәкиллери қатнасты. Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясының мәлимлеме хызмети хабар берди.
Мәжилисте Мәсләҳәт кеңесиниң ағзалары – Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия Федерациясы, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан орайлық сайлаў уйымларының басшылары, сондай-ақ, мәсләҳәт даўысы ҳуқықы менен ҒМДА Атқарыў комитети ҳәм ҒМДА ПА Секретариатының ўәкиллери қатнасты.

Мәсләҳәт кеңесиниң ағзалары 2026-жылы Армения Республикасында болып өтетуғын парламентлик сайлаўлар мүнәсибети менен сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар, Қазақстан Республикасында жергиликли сайлаўлар ҳәм сиясий системаны буннан былай да жетилистириў, Қырғыз Республикасында 2025-жылы өткерилген сайлаў процесслери, Россия Федерациясында 2025-жыл 14-сентябрьде өткерилген улыўма даўыс бериў күниниң жуўмақлары, Тәжикстан Республикасында жергиликли халық депутатлары мәжилислериниң қурамынан шығып кеткен депутатлардың орнына өткерилген сайлаўлар ҳаққындағы баянатларды тыңлады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы мәмлекетте 2024-жылы парламент ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларына өткерилген сайлаўлардан кейинги дәўирде ОСК жумысының айырым тәреплери бойынша мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, сайлаўдан кейинги дәўирде халықаралық бақлаўшылар усынған есабатлар, пикир-усынысларды терең таллаў сайлаў уйымларының тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады. Бул таллаў сайлаў процесиниң халықаралық стандартларға муўапықлығын баҳалаў, сондай-ақ, оптималластырыў ҳәм жетилистириў мүмкин болған тараўларды анықлаўға қаратылған.
Ҳәр бир өткен сайлаўларды бақлаған халықаралық миссиялардың жуўмақлаўшы ҳүжжети бойынша әмелдеги нызамшылықты түсиндирген ҳалда шолыўлар таярланады. Соның менен бирге, халықаралық әмелият, соның ишинде, халықаралық сайлаў стандартлары, ҳуқықый база ҳәм сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси талланады. Нәтийжеде оларды әмелге асырыў бойынша көрилиўи мүмкин болған ямаса қабыл етилген илажлар, сайлаўлардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириў бағдарлары сәўлеленген “Жол картасы” ислеп шығылды.
Усы әнжуман шеңберинде “Сайлаў процеси қатнасыўшыларының электорал мәдениятын қәлиплестириў” атамасында халықаралық дөгерек сәўбети өткерилди. Онда Өзбекстан ОСК ағзасы Г.Раҳимова баянат жасап, 2024-жылы Өзбекстанда парламентлик ҳәм жергиликли сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў процесинде Мәлимлеме стратегиясын әмелге асырыўдың тийкарғы тәреплери ҳаққында мағлыўмат берди.
Сондай-ақ, Мәсләҳәт кеңесиниң илажлары шеңберинде онлайн форматта ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң сайлаў уйымлары басшылары Мәсләҳәт кеңеси жанындағы сайлаў тараўында жаслар сиясаты бойынша жумысшы топардың биринши мәжилиси де болып өтти.
Буннан тысқары, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң сайлаў уйымлары тәрепинен таярланған ҳуқықый ағартыўшылық, сайлаўда қатнасыў мәдениятын қәлиплестириў тараўындағы тәжирийбелерди сәўлелендириўши методикалық материаллар көргизбеси шөлкемлестирилди. Соның ишинде, Өзбекстан сайлаў системасының раўажланыў тарийхына бағышланған “Сайлаўлар: кеше ҳәм бүгин” атамасындағы видеофильм сайлаў уйымларының ўәкиллеринде үлкен қызығыўшылық оятты.
М.Комилова, ӨзА