Жуўапкерсизликтиң нәтийжеси – жүк машинасы аукционда

102

Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими ис жүргизиўиндеги орынлаў ҳүжжетине муўапық, усы районда жайласқан қарыздар «Элит материал сервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен мәмлекет пайдасына 339 миллион сумнан аслам салық қарыздарлығын өндириў белгиленген.

  Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен қарыздарға орынлаў ҳүжжетиниң талабын орынлаў ушын 15 күнлик ықтыярый мүддет берилген. Бул мүддет ишинде қарыздар тәрепинен орынлаў ҳүжжетиниң талабы орынланбағанлығы себепли, қарыздардың атындағы «Sinotruk» маркалы жүк автомашинасы тийисли тәртипте хатлаўға алынған.

Хатланған мүлк жәми 192 миллион 500 мың сумға баҳаланып, электрон түрде аукцион арқалы сатыўға шығарылған. Оны сатыўдан түскен пул қаржылары қарыздардың мәмлекет бюджети алдындағы қарыздарлығын қаплаўға қаратылады.

Ҳәзирде қалған қарыздарлықты да өндириў ҳәрекетлери даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги