ЕА “Дрон дийўалы” бойынша сөйлесиў өткерди

91

Европа Аўқамы жуўапкерлери “Дрон дийўалы” мәселеси бойынша мәжилис өткерди. Видеоконференция түринде шөлкемлестирилген мәжилиске Қорғаныў ҳәм космос бойынша Европа комиссары Андриус Кубилиус басшылық еткен. “Евроньюс” телеканалы бул ҳаққында хабар тарқатты.

Сөйлесиўде ЕА қурамындағы Болгария, Эстония, Финляндия, Латвия, Литва, Польша, Румыния сыяқлы Россияға жақын жайласқан мәмлекетлердиң қорғаныў министрлери қатнасқан.

Алдын жыйынға қатнаспайтуғынын жәриялаған Венгрия ҳәм Словакия да кейинирек сөйлесиўге қосылған. Қатнасыўшылар Россияның ушыўшысыз самолётларынан қорғаныў бойынша “баҳа, жаўынгерлик сынақтан өткен тәжирийбе” менен ортақласқан Украина қорғаныў министри менен өз алдына мәжилис өткерди.

Усы тәризде мәмлекетлер “Шығыс қанат бақлаўы” жойбары бойынша “Дрон дийўалы”на тийкарланған келисимге ерискен. Сондай-ақ, тәреплер Украина менен бирге бул қорғаныў басламасын әмелге асырыў бойынша улыўма көзқарасты қорғаўға келисип алған.

Бизге белгили, бүгинги күнде дронды анықлаў, бақлаў ҳәм услап алыўда алдыңғы технологиядан пайдаланыў үстинликке ийе болмақта. Усы көзқарастан “Дрон дийўалы”н жаратыў ҳәм жердеги қорғаныў системасы, соның ишинде, ҳәрекетшеңликке қарсы имканиятты жайластырыў мәселеси де әҳмийетли. Соның менен бирге, Балтық бойы ҳәм Қара теңизде қәўипсизликти беккемлеў ҳәм жағдайдан хабардарлықты арттырыў ушын космослық технологиядан пайдаланыў темасы да додалаў орайына шықпақта.

Октябрь айында болып өтетуғын Европа кеңеси мәжилисинде бул баслама толық додаланыўы күтилмекте. Атап айтқанда, ЕА “Дрон дийўалы”н қаржыландырыў ушын арнаўлы механизм жаратыў режелестирилген.

С.Раҳимов, ӨзА