Өзбекстан делегациясы Европа парламентинде бир қатар ушырасыўлар өткерди

Алдын хабар бергенимиздей, Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурханов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Брюссель қаласында болып тур.
Өзбекстан делегациясы сапар шеңберинде Европа Аўқамы ҳәм Европа парламенти ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерди. Соның ишинде, Европа парламентиниң Ҳуқықый мәселелер бойынша комитетиниң баслығы Илҳан Кючюк пенен ушырасыўда еки тәреплеме сиясий сөйлесиў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.
Белгия Сенатының ағзасы, “Белгия-Өзбекстан” дослық лигасының баслығы Стефани Д‘Оз бенен болып өткен сөйлесиў ўақтында парламентлераралық байланыслар ҳәм экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.
Европа парламентиниң депутаты Томас Здеховский менен ушырасыўда болса парламентлераралық сөйлесиўди кеңейтиў, регионаллық турақлылық ҳәм экономикалық бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, парламентлердиң қәнигелескен комитетлери арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў арқалы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша да пикир алысылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги