Елши: Өзбекстан – Қатар бирге ислесиўи жедел раўажланбақта

Қатардың “Ал-Ватан”, “Аш-Шарқ” сыяқлы бир қатар жетекши басылымлары Өзбекстанның усы араб мәмлекетиндеги елшиханасы тәрепинен елимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өткенин сәўлелендирди. Мақалада елшимиз Ашраф Хўжаев еки тәреплеме қатнасық мисли көрилмеген дәрежеге көтерилгенин атап өткен.

2023-жылы үш мәрте жоқары дәрежедеги сапар әмелге асырылды, 2024-жылы Стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойылды, усы жылдың август айында сыртқы ислер министрлери дәрежесинде Муўапықластырыўшы кеңестиң биринши мәжилиси болып өтти.
Ташкент ҳәм Доха арасында “Qatar Airways” авиакомпаниясы тәрепинен тиккелей ҳаўа қатнаўының жолға қойылыўы өз-ара туризмди раўажландырыўға, товар алмасыўды кеңейтиўге, экономикалық байланысты беккемлеўге, еки дос халық қарым-қатнасын тереңлестириўге хызмет етеди.

Илажда Қатар Қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи, Сыртқы ислер министрликлери, Миллий китапхана, Протокол департаментиниң басшылары, сондай-ақ, бир неше мәмлекет елшилери, дипломатиялық миссиялардың ўәкиллери қатнасты.
М.Пирматова, ӨзА