“Российская газета”да өзбек сиясаттаныўшысының мақаласы жәрияланды

83

Мақалада атап өтилиўинше, Өзбекстанда болып атырған реформалардың тийкарында Президент Шавкат Мирзиёевтиң реформаторлық энергиясы жатады. Автордың атап өтиўинше, мәмлекет басшысы тек ғана социаллық-экономикалық өзгерислерге емес, ал руўхый қәдириятларды тиклеў, миллий мақтанышты беккемлеў ҳәм мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаўға да айрықша итибар қаратпақта.

Соның менен бирге, басылымда Президенттиң басламасы менен қурылып атырған Ислам цивилизациясы орайы Өзбекстанның жәҳән мәдений сахнасына қайтыўының белгиси сыпатында баҳаланған.

Автор жақын өтмиш ҳаққында пикир жүргизер екен, ата-бабаларымыз ким, бул дүньяда орнымыз қай жерде болғанын умытып кеткенимиз, ең ашынарлысы, заманагөй дүнья сахнасындағы мәдений ҳәм тарийхый орнымыз қумға сиңген суўдай “жоғалып” қалғанын атап өтеди.

Бүгин болса Өзбекстан қалай жолға киргенин ҳәм бул жерде нелер болып атырғанын ҳәмме көрип, сезинип турғанына исенетуғынын билдиреди:

“Бир нәзик тәреп бар, буны ҳәмме де аңлап атырғанына гүманым бар. Мен алдынғы бир неше мақалаларымда билдирген пикириме садықпан – узақ жыллар көп қыйыншылықларды басынан өткериўге мәжбүр болған бул ел ҳәм оның халқы енди тек ғана мәмлекет суверенитетин беккемлеў емес, ал умыттырылған ҳәм баўырынан суўырып алынған уллы өтмиштиң естелиги, мәденияты ҳәм ата-бабаларының мийрасын тиклеў және бул мақтанышлы ҳәрекет сыпатында өзлигин табыўға, руўхый жаңаланыўға бел байлады, десем, дурыс болады”, – деп жазады Қ.Рафиқов.

ӨзА