Жаңа нызам: қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў процесслериниң ашық-айдынлығы тәмийинленеди

Усы жыл 21-августтағы “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер (МКШ) ҳәм қәўендерлик жумысын тәртипке салыўшы бир қатар нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Әдиллик министрлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Ҳаётжон Қиличев нызам менен енгизилген өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди:
– Енди мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахслары тәрепинен МКШлардың жумысына нызамға қайшы түрде араласқаны ҳәм жәмийетлик қадағалаў субъектлери тәрепинен жәмийетлик қадағалаў нәтийжелери бойынша таярланған жуўмақлаўшы ҳүжжетти көрип шықпағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 239-статьясында белгиленген МКШлардың жумысын әмелге асырыў тәртибин бузыўға байланыслы санкциялар муғдарлары сезилерли дәрежеде азайтылды.
Бир календарь жылда банк есап бетлеринде пул айланысы болмаған фонд ушын усы календарь жылда өз жумысын аудиторлық тексериўден өткериў ықтыярлы тәртипте әмелге асырылатуғыны белгиленди.
Нызам менен “Қәўендерлик ҳаққында”ғы нызамға қәўендерлик шөлкемлери, яғный ҒХҚлар, қәўендерликти әмелге асырыўшы ҳәм қәўендерликке алыўшы юридикалық шахслар тәрепинен қәўендерлик қайырқомлықларын нақ, нақ емес ҳәм мүлк түринде жыйнаўдың анық тәртибин белгилейтуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Бул жаңа өзгерислер 2025-жыл 23-ноябрьден күшке киреди.
Атап айтқанда, қәўендерлик қайырқомлықларын нақ пул түринде жыйнаў тек ғана қайырқомлық қутысы жәрдеминде ямаса қәўендерлик шөлкемлери, қәўендерликти әмелге асырыўшы ямаса алыўшы юридикалық шахслардың банк есап бетлерине нызамшылықта белгиленген тәртипте пул өткериў жолы менен әмелге асырылады.
Қәўендерлик қайырқомлықлары мүлк түринде жыйналған жағдайда қабыл етилген мүлктиң дизими қәлиплестирилип, оның түри, муғдары (көлеми) көрсетилген ҳалда акт дүзиледи.
Қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў процесслериниң ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў мақсетинде бул процесслердиң басланыўы ҳәм жуўмағы бойынша ғалаба хабар қураллары, рәсмий веб-сайтлар ямаса социаллық тармақлардағы бетлерде тийисли мағлыўматлар жәрияланады ҳәм салық есабатларында сәўлеленеди.
Физикалық шахс қәўендерлик қайырқомлықларын тек ғана өзи ямаса жақын туўысқанлары ушын өзиниң банк есап бетлерине ямаса жеке банк картасына пул өткериў арқалы, нақ пул ямаса мүлк түринде жыйнаўға ҳақылы. Волонтёрлар қәўендерлик алыўшылардың мәплерин гөзлеп, қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаўға тек ғана дағаза бериў арқалы жәрдемлеседи.
Онда, қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў қәўендерлик алыўшы физикалық шахслар ямаса олардың жақын туўысқанларының атына ашылған банк есап бетлерине ямаса жеке банк карталарына пул өткериў арқалы ямаса оларға тиккелей нақ пул (мүлк) бериў арқалы, сондай-ақ, қәўендерликке алыўшы юридикалық шахслардың банк есап бетлерине пул қаржыларын өткериў ямаса оларға мүлк бериў арқалы әмелге асырылады.
Қәўендерлик қутысы түсиниги, оны орнатыў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби белгиленди. Атап айтқанда, қайырқомлық қутысы тек ғана қайырқомлық шөлкемлери, қайырқомлықты әмелге асырыўшы ямаса қабыл етиўши юридикалық шахслар тәрепинен орнатылады. Қайырқомлық қутысы нақ пул формасындағы қайырқомлықларды жыйнаў ушын арналған айналы ямаса көринип туратуғын ыдыс, оның ашылыў орны ўәкилликли шахслар тәрепинен қол қойылған, мөрленген ямаса пломбаланған болыўы керек. Қәўендерлик қутысында қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў мақсети, оны орнатқан юридикалық шахс ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилиўи керек. Қәўендерлик қутысын орнатыў көшпес мүлк ийеси ямаса ол ўәкиллик берген шахс ҳәм қәўендерлик шөлкеми, қәўендерликти әмелге асырыўшы ямаса қәўендерликти алыўшы юридикалық шахс арасында жазба түрде дүзилген шәртнама тийкарында әмелге асырылады. Қайырқомлық қутысын көшпес мүлк аймағында сақлаў шәртлери шәртнамада көрсетиледи. Қайырқомлық қутысындағы жыйналған пул қаржылары қайырқомлық қутысы толғанда, жыйналған қаржылардан пайдаланыў зәрүрлиги жүзеге келгенде ямаса қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў мүддетлери тамам болғанда алынады.
Қәўендерлик қутысын ашыў, қайырқомлықты есаплаў процеси қайырқомлық шөлкемлестириўшиниң ўәкилликли ўәкили ҳәм кеминде еки бийтәреп қатнасыўында әмелге асырылады ҳәм бул процесслер видеожазыўға алынады. Тийисли акт дүзиледи ҳәм ондағы мағлыўматлар бир күн мүддетте ғалаба хабар қуралларында ямаса олардың рәсмий веб-сайтында ямаса социаллық тармақлардағы бетлеринде жәмийетшиликке жәрияланады. Қайырқомлық қутысындағы қаржылар ол ашыған күнде ямаса кейинги жумыс күни ишинде тийисли банк есап бетине кирис етиледи.
Соның менен бирге, жоқарыда атап өтилген тәртип-қағыйдаларды, атап айтқанда, қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў ҳәм қайырқомлық қутысын орнатыў ҳәм оннан пайдаланыў тәртибин бузғаны ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте жуўапкершилик белгиленди.
Н.Абдураимова, ӨзАның хабаршысы