Муғаллим ҳәм устазлар ҳүрметке бөленди

94

Бозатаў районында 1-октябрь  – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.

Өткерилген байрам кешесине Бозатаў районы ҳәкими Б.Уббиниязов қатнасып, муғаллим ҳәм устазларды байрам менен қызғын қутлықлады. Олардың келешек әўлад тәрбиясындағы машақатлы мийнетин ҳәм билимлендириў тараўындағы жетискенликлерин айрықша атап өтти.

Буннан соң бир қатар тараў пидайыларына Бозатаў районы ҳәкимлиги, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ҳәм районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминиң Ҳүрмет жарлықлар тапсырылды.

Илаж даўамында республикамызға белгили қосықшылар ҳәм районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға зор кейпиятын бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы