Глобаллық бирге ислесиўге шақырық

Шолыў
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзи, онда алға қойылған басламалар кең жәмийетшилик ҳәм халықаралық топарлардың ўәкиллери тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынды.
Бул тарийхый шығып сөйлеўдиң мазмун-мәниси, онда алға қойылған басламалардың регионаллық ҳәм глобаллық көлемдеги әҳмийети ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Парламентлик изертлеўлер институтының бир топар хызметкерлери өз мүнәсибетин ҳәм пикир-усынысларын билдирди.

Гулбаҳор Саидова, Парламент изертлеўлери институтының бас илимий хызметкери:
– Президентимиздиң БМШ минбериндеги шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған басламалар регионаллық ҳәм глобаллық машқалаларға шешимлер усыныўы менен айрықша әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, БМШ Қәўипсизлик Кеңесин трансформациялаў ҳәм оның қурамын кеңейтиў бағдарындағы усыныс бүгинги геосиясий ўақыяның талабы болып есапланады. Себеби дүнья түп-тийкарынан өзгерди, бирақ халықаралық институтлар елеге шекем 1945-жылғы структурасында қалмақта. Раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин қорғаў, халықаралық институтлардың нәтийжелилигин арттырыў заман талабына айланған бир ўақытта Өзбекстан бул процесстиң белсенди қатнасыўшысы сыпатында өз орнын беккемлеўи үлкен әҳмийетке ийе.
Халықаралық системаны реформалаў регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўден басланатуғыны тәбийғый. Сонлықтан, Президентимиз Орайлық Азиядағы өзгерислерге айрықша тоқтап өтти. Кейинги 8 жылда регионымызда жүз берген тарийхый өзгерислер – жабық шегаралардың ашылыўы, саўда көлеминиң бес есеге артыўы, биргеликтеги инвестициялық қорлар ҳәм санаат зоналарының шөлкемлестирилиўи “Жаңа Орайлық Азия» концепциясының әмелий нәтийжеси болып табылады.
Бас Ассамблеяның регионаллық интеграцияны қоллап-қуўатлаўға байланыслы резолюциясы қабыл етилсе, регионымыз глобаллық экономикаға және де терең интеграцияланады ҳәм бул барлық қоңсы мәмлекетлердиң мәпине туўра келеди.
Регионаллық турақлылық болса Аўғанстан мәселесин шешпей турып пүтин болмайды. Президентимиздиң бул мәмлекетти жеккелеп қоймаў, онда үлкен инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўға шақырыўы стратегиялық әҳмийетке ийе. Аўғанстанның экономикалық тиклениўи терроризм ҳәм наркотрафикке қарсы гүресиўде ең нәтийжели қурал болады.
Аўғанстан арқалы транспорт ҳәм энергетика коридорларын раўажландырыў бойынша БМШ резолюциясын қабыл етиў усынысы болса бул мәмлекетти регионаллық экономикалық системаға қайта интеграциялаўдың әмелий механизмин жаратады. Бул тек ғана аўған халқы емес, ал пүткил регионның абаданлығына хызмет етеди.
Қәўипсизлик мәселесинде сөз болғанда, терроризмге қарсы гүресиўдеги басламаларымыз айрықша итибарға ылайық. Реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў бойынша Регионаллық кеңести Халықаралық компетенциялар орайына айландырыў усынысы дүнья тәжирийбесинде мисли көрилмеген жойбар болып есапланады. Бул орай арқалы машқалалы аймақлардан қайтарылған мыңлаған шахсларды жәмийетке бейимлестириў тәжирийбеси пүткил дүньяға тарқалады. БМШ Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының регионаллық ўәкилханасының Өзбекстанда ашылыўы болса регионымызды глобал антитеррорлық гүрестиң әҳмийетли орайына айландырады.
Жуўмақлап айтқанда, Президентимиздиң БМШ минбериндеги тарийхый шығып сөйлеген сөзи Өзбекстанның глобаллық жуўапкершиликти өз мойнына алыўға таяр екенин, халықаралық жәмийетшиликтиң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында дүнья раўажланыўына үлес қосыў ерк-ықрарын айқын көрсетти.
Амрулло Тохлибоев, Парламент изертлеўлери институты бөлим баслығы:
– Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзин өз-ара байланыслы үш бағдарға бөлиў мүмкин болған кең көлемли сыртқы сиясий билдириў ямаса шақырық болды, деп айтыў мүмкин: ишки жаңаланыў, регионаллық интеграция ҳәм глобаллық жуўапкершилик.
Не ушын ишки жаңаланыў? Президент өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанды барлық тараўларда “қайтымсыз реформалар”ды табыслы әмелге асырып атырғаны ҳәм “Жаңа Өзбекстан”ға айланғанын анық көрсетип берди. Соны да итибарға алыў керек, 2017-жылы мәмлекеттиң жалпы ишки өними халықтың жан басына 939,5 тен 2024-жылға келип 3 092,7 АҚШ долларына шекем көтерилди. Экспорт болса биринши мәрте 27 миллиард долларға шықты.
Атап өтилгениндей, бул жетискенликлер билимлендириў ҳәм илим тараўындағы реформалар, инновациялық ҳәм технологиялық кәрханаларды раўажландырыў, жасыл энергия ҳәм транспорт инфраструктурасына инвестиция киргизиў, сондай-ақ, киши бизнести жедел қоллап-қуўатлаўды өз ишине алған көп векторлы стратегияның нәтийжеси болып есапланады.
“Жаңа Өзбекстан” жетискенликлериниң тийкары инсанға бағдарланған раўажланыўға итибар қаратылып атырғанында. Буны Президент сөзиндеги төмендеги сөзлерде де көриўимиз мүмкин: “Бизиң тийкарғы мақсетимиз – мәмлекетимизде жасап атырған ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир пуқараның турмысын түп-тийкарынан өзгертиў, инсан қәдирин ҳәм абаданлығын арттырыў болып табылады”.
Сөйлеўдиң және бир ең күшли ноқаты “жабық шегаралар, шешилмеген келиспеўшиликлер ҳәм тартыслар дәўири өтмиште қалғаны” ҳаққындағы билдириў болды.
Тарийхтағы жеккелениў, бәсекиге тийкарланған сиясаттан жақсы қоңсышылық қатнасықлары ҳәм әмелий бирге ислесиў сиясатына өтиў Мирзиёев ҳәкимшилигиниң дәслепки күнлеринен басланған ҳәм ол бүгинги күнде өз нәтийжесин бермекте. Президенттиң шығып сөйлеген сөзинде Орайлық Азия халықаралық қатнасықлар системасында және де бирлескен ҳәм әҳмийетлиси “ғәрезсиз ойыншыға” айланып атырған регион – “Жаңа Орайлық Азия” қәлиплесиўиниң басланғыш басқышында екени атап өтилди.
Президенттиң сөзлерине бола, “Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўлары”н усы жаңа интеграция дәўириниң тийкарғы институционаллық механизми сыпатында көриў мүмкин. Мысал ушын, 2024-жыл 9-август күни Астанада болып өткен ушырасыўда Орайлық Азия мәмлекетлери Президентлери “Орайлық Азия – 2040” концепциясына қол қойыўы регион сиясий турмысындағы тийкарғы ўақыя болды. Бул ушырасыўлардың институционалластырылыўы ҳәм “Орайлық Азия – 2040” сыяқлы узақ мүддетли ҳүжжетлерге қол қойылыўы бир мәртелик бирге ислесиўден системалы ҳәм рәсмийлестирилген интеграция процесине өтиўинен дерек береди. Бул ишки ҳәм сыртқы бирге ислесиўшилер ушын өткинши тенденция емес, ал узақ мүддетли ҳәм әҳмийетли баслама екени ҳаққында әҳмийетли сигнал болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған бир қатар глобаллық басламалар тек ғана усыныслар емес, ал келешекке қаратылған анық бағдарлама ҳәм Өзбекстанның халықаралық бирге ислесиўге ашықлығының үлгиси болды. Бул басламалар артында мәмлекетимиздиң тек ғана регионаллық тынышлық емес, ал глобаллық машқалаларға да бийпарқ емес екени жатады.
Жуўмақ сонда, Өзбекстан енди тек ғана Орайлық Азиядағы емес, ал глобаллық машқалаларды шешиўге үлес қоса алатуғын, өз даўысы ҳәм шешимине ийе болған жуўапкершиликли мәмлекет сыпатында ортаға шықпақта.
Бахтиёр Тошполатов, Парламент изертлеўлери институты хызметкери:
– Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған идея ҳәм басламалар тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм аўызбиршилик жолында әмелий бағдарлама сыпатында қабыл етилди.
Президентимиз шығып сөйлеген сөзиниң тийкарғы бағдарларынан бири инсан қәдирин улығлаў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў болып табылады. Кейинги жыллары Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежеси 35 проценттен 6 процентке шекем қысқарды. Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке, жоқары билимлендириўге қамтып алыў болса 9 проценттен 42 процентке артты. Миллионлаған жумыс орынлары жаратылды, экономикаға үлкен инвестициялар кирип келди. Бул нәтийжелер “ҳеш ким шетте қалмайтуғын жәмийет” принципи тийкарында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси болып табылады.
Өзбекстанның басламалары себепли Орайлық Азия соңғы жылларда келиспеўшиликлер майданынан аўызбиршилик ҳәм дослық мәканына айланды. Саўда-экономикалық бирге ислесиў бес есеге өсти. Президентимиз бул процесслерди БМШ минберинен турып дүньяға үлги сыпатында көрсетти.
Президентимиз тәрепинен билдирилген басламалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етилди. БМШ Бас хаткери, сондай-ақ, АҚШ, Түркия, Франция, Қубла Корея, Қубла Африка сыяқлы мәмлекетлердиң басшылары Өзбекстанның сиясий ерк-ықрарын жоқары баҳалады.
Бул болса Өзбекстанның ҳаўазына, оның басламаларына дүнья қулақ салып атырғанынан дерек береди. Жаңа Өзбекстан халықаралық майданда исенимли шерик сыпатында абырайын беккемлемекте.
Муҳтарама Комилова жазып алды. ӨзА