Бирлик ҳәм билим тымсалы: министрлик хызметкерлери «Заковат» ойынында

Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги «Заковат интеллектуал клубы» мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте министрликтиң жас қәнигелери арасында «Заковат» ойынын өткерди.
Хабарыңыз бар, «Заковат» интеллектуаллық ойыны Президентимиздиң 2021-жыл 21-январьдағы қарары менен халық арасында ғалабалық-ағартыўшылық ҳәрекетке айландырылыўы режелестирилген.
Нөкистеги Жаслар орайында болып өткен «Заковат»та 7 команда қурамында республикамыздың қала ҳәм районларында хызмет етип киятырған 30 ға шамалас тараў хызметкери қатнасты. Қатнасыўшылар билимге болған ықласын көрсетти. Мақсет логикалық пикирлеў ҳәм команда менен ислесиў көнликпелерин қәлиплестириўден ибарат.
– Жас хызметкерлеримиз арасында олар менен ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў, тараўдағы системалы машқалаларды сапластырыў, интеллектуаллық орталықты қәлиплестириў мақсетинде «Заковат» жарысын өткерип атырмыз, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги бас қәнигеси Лалахан Дәўлетова. – Жеңимпаз болған командаларға министрлигимиз тәрепинен саўғалар инәм етилди.
Беллесиў жуўмағында жоқары орынларды ийелеген «Дослық», «Nukus city», «Арқа» командалары диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Cондай-ақ, «Ең билимли топар», «Тапқырлар», «Ең белсенди топар», «Ең епшил топар» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги