“YouTube” Трампқа 24,5 миллион доллар төлейди

98

Ҳәммеге белгили “YouTube” АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен суд процесин тоқтатыў ушын 24,5 миллион доллар төлеўге келисим берди. Трамптың аккаунты 2021-жыл 6-январь күни жүз берген Капитолий басқыншылығынан соң тоқтатылғаннан кейин, миллиардер платформаны сиясий тәрепдарлықта айыплап, даўа арза берген еди.

Келисим шәртлерине бола, “Google” корпорациясының бас компаниясы – “Alphabet” 22 миллион долларды Ақ үй ушын жаңа зал қурыўды қаржыландырып атырған “Trust for the National Mall” қорына өткереди. Қалған 2,5 миллион даўаға қосылған басқа шөлкем ҳәм шахслар, соның ишинде, “American Conservative Union”ға төленеди.

“YouTube” усы жылы Трамп пенен келисиўге мәжбүр болған үшинши ири платформа. Январьда Мета (Facebook) 25 миллион, февральда Х (Twitter) 10 миллион доллардан Америка жетекшиси пайдасына өткен.

Ҳәзирги ўақытта Трамптың барлық социаллық тармақ бетлери тикленген. Анализшилердиң пикиринше, бул процесс Cиликон ойпатлығы ҳәм Республикашылар партиясы арасындағы қатнасықта жаңа дәўир басланғанынан дәрек береди.

“YouTube” да өз гезегинде платформадағы контент қадағалаўын жумсартып, алдын шекленген айырым аккаунтларды ашатуғынын мәлим етти. Компания Республикашылар қадағалаўындағы Конгресс комитетине жоллаған хатында, тийкарынан, былай деп жазған: “YouTube” консерватив таңлаўды қәдирлейди ҳәм бул даўыслар пуқаралық қарым-қатнаста әҳмийетли орын ийелейтуғынын тән алады.

Муслим Зиё, ӨзА