Аралбойы тәғдири ҳәм келешеги ушын зәрүр басламалардың әҳмийети

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 23-сентябрьде Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясындағы шығып сөйлеген сөзи мәмлекетимиздиң абырайын және де арттырды ҳәм дүнья жәмийетшилиги алдында турған ең әҳмийетли геосиясий, экономикалық, билимлендириў, социаллық ҳәм экологиялық машқалаларға бағышланды.
Мәмлекетимиз басшысы, соның ишинде, экологиялық машқалалар бойынша барған сайын кескин түс алып атырған климат өзгериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги ҳәм климат миграциясы мәселелерине айрықша тоқтап өтип, оларды шешиў бойынша анық басламаларды алға қойды.

– Атап айтқанда, Президентимиз Арал теңизи қурыўының унамсыз ақыбетлери инсаният тәғдири менен тығыз байланыслы екенин атап өтип, бул аймақты қайта тиклеў жумыслары избе-из даўам етип атырғанын билдирди. Кейинги жыллары теңиздиң қурыған ултанында 2 миллион гектар майданда шорға шыдамлы шөл өсимликлери егилип, кең көлемли жасыл аймақлар жаратылды. 2030-жылға шекем бул майданның 80 процентин жасыл қапламалар менен тәмийинлеў режелестирилгени экологиялық қәўипсизликти беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе, – дейди Экология министрлиги жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының директоры Бахытжан Ҳабибуллаев.
Президентимиздиң басламасы менен Аралбойы халықаралық инновация орайының шөлкемлестирилиўи де бул бағдардағы әмелий қәдемлерден бири екенин атап өтиў керек. 2021-жылы БМШ Бас Ассамблеясында Өзбекстанның Аралбойын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў басламасы алға қойылып, барлық мәмлекетлер тәрепинен мақулланды. Бул қарарлар Өзбекстанның Арал машқаласына айрықша итибар қаратып атырғанын ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғанын көрсетеди.
Бүгинги күнде Аралбойы халықаралық инновация орайы мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм халықаралық шериклер менен биргеликте әмелий жумыслар алып бармақта. Орай тәрепинен шөл өсимликлерин егиў, көбейтиў, узақ мүддет генбанкте сақлаў бойынша илимий тийкарланған технологиялар ислеп шығылмақта. Климатқа шыдамлы сортлар жергиликли шараятқа бейимлестирилмекте. Сондай-ақ, Аралбойындағы шөллениўге қарсы гүресиў процесслерине инновациялық көзқараслар енгизилмекте. Орайдың жумысы нәтийжесинде биокөптүрлиликти қәстерлеп сақлаў мақсетинде туқымлар генбанки шөлкемлестирилген, топырақтың шорланыўын азайтыў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаўға хызмет ететуғын илимий-әмелий жойбарлар жолға қойылды.

Соның менен бирге, суў ресурсларының барған сайын жетиспей баратырғаны турақлы раўажланыўға үлкен қәўип сыпатында баҳаланды. Президентимиз тәрепинен Өзбекстанда суўды үнемлеў бойынша Пүткил жер жүзилик форумын өткериў басламасы алға қойылып, оның жуўмағында глобал көлемде суў кризисин сапластырыў ушын инновациялық технологияларды енгизиўге қаратылған арнаўлы “жол картасы”н қабыл етиў режелестирилмекте.
Бул бағдарда да орай ҳәр қыйлы илимий изертлеўлер алып барып, суўды үнемлеў технологияларын жергиликли аўыл хожалығы системасына енгизиў, қайта тикленетуғын суў дереклерин үйрениў ҳәм халықаралық экспертлер менен тәжирийбе алмасыў жумысларын әмелге асырмақта.
Өткен дәўир даўамында орай илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў процесинде бир қатар халықаралық ҳәм жергиликли шөлкемлер, сондай-ақ, илимий-изертлеў институтлары менен нәтийжели бирге ислесиў байланысларын жолға қойды. Соның ишинде, 70 тен аслам сырт ел ҳәм жергиликли шөлкемлер менен бирге ислесиў ҳаққында келисим ҳәм меморандумларға қол қойылып, 20 дан аслам илимий-әмелий ҳәм инновациялық жойбар әмелге асырылмақта. Бул жойбарлар альтернатив жасыл энергия, аквакультура, интенсив бағшылық, дәрилик өсимликлер жетистириў, ресурсты үнемлеўши технологиялар ҳәм социаллық бағдарламаларды қамтып алған. Әмелге асырылып атырған жойбарлардың ҳәр бири Аралбойы ушын узақ мүддетли шешимлерди жаратыўға қаратылған.
Халықаралық бирге ислесиўшилер қатарына БМШ Раўажланыў бағдарламасы (UNDP), Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA, БАӘ), Синцзян экология ҳәм география институты (Қытай), Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ), Глобал жасыл өсиў институты (GGGI), Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA), Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) ҳәм басқа да абырайлы шөлкемлер киреди.
Климат өзгериўи ақыбетинде халықтың мәжбүрий көшиўи (миграциясы) артып баратырғаны инсаният алдында турған және бир үлкен қәўип болып есапланады. Бул бағдарда еле анық халықаралық механизмлер жоқ екенлиги айрықша атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Президентимиз бул машқаланы шешиў мақсетинде кең халықаралық бирге ислесиўге тийкарланған Глобал пактти қабыл етиў басламасын алға қойды.
Президентимиз тәрепинен билдирилген бул басламалар тек ғана миллий емес, ал глобал әҳмийетке ийе болып, олардың барлығы улыўма келешегимиз ушын хызмет етеди. Соның менен бирге, Аралбойы халықаралық инновация орайы тәрепинен алып барылып атырған илимий-әмелий жумыслар да усы басламалардың турмысқа избе-из енгизилиўи ҳәм әмелдеги нәтийжелилигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Орай өзиниң келешектеги режелеринде халықаралық шериклик көлемин және де кеңейтиў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде инновациялық экотехнологияларды, соның ишинде, шөлистанлыққа қарсы илажлар ҳәм ақыллы аўыл хожалығы шешимлерин енгизиўди нәзерде тутады.
Президентимиздиң Аралбойында әмелге асырылып атырған тиклениў жумыслары, Суў форумы басламасы ҳәм климат миграциясы бойынша Глобал пакт идеясы ҳәм басқа да баслама ҳәм усыныслары дүнья жәмийетшилигиниң турақлы раўажланыўына қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясындағы шығып сөйлеген сөзи халықаралық жәмийетшилик тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынды ҳәм Өзбекстанның басламашы жетекши мәмлекет сыпатындағы абырайын және де беккемледи.
ӨзА